Мәмлекетлик  байрағымыз астында байрам сейили

Аспанымыз ашық, елимизде тынышлық. Мәмлекетимиз байрағы төбемизде саўлат төгип, еркин желбиреп тур. Әтирапта балалардың ойнаған шадлы шаўқымы. Ақлықларын сейилге алып келген жасы үлкен апалар отырғышларда отырып, халық ушын қойылажақ концерт бағдарламасын күтпекте.

Бүгин мәмлекетимиз байрағы қабыл етилгенине 28 жыл толыў мүнәсибети менен, 55 метр бийикликте байрағымыз орнатылған майданға студентлеримиз бенен биргеликте байрам сейилине шығып, мине, усы әжайып көринислердиң гүўасы болдық.

Оқыў сабақларынан соң сейилге шыққан Математика факультетиниң 1-курс математика бағдары студентлери менен байрағымыз ҳаққында, елимиздеги тыныш парахат турмысымыз ҳаққында сәўбетлесип, сондай-ақ, мәденият хызметкерлери тәрепинен қойылған концерт бағдарламасын тыңлап, өзлеримизге оғада бай  руўхый азық алып қайттық.

К.Бегжанова,

Математика факультетиниң Ҳаял-қызлар

басланғыш шөлкеминиң баслығы.

Пайдалы дереклер