Бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиздиң илим ҳәм де билимлендириў тараўына деген жоқары итибары ҳәм ғамхорлығы, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тәлим ҳәм де илим тараўы ўәкиллериниң изертлеў жумысларын еле де жетилистириў, тараў хызметкерлерин социаллық жақтан қоллап-қуўатлаўды күшейтиў мақсетинде алып барылып атырған реформалары, әлбетте, тараўдың раўажланыўына тийкар жаратпақта.
Соның менен биргеликте, жақында ғана «Илим ҳәм илимий искерлик ҳақкында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының қабыл етилиўи – бул әмелге асырылып атырған нәтийжели жумысларға беккем ҳуқықый база болып хызмет етпекте.
Усы жылдың 20-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына бағышланып «Ярымөткизгишлер физикасының ҳәзирги заман машқалалары» атамасында илимий-әмелий әнжуман ҳәм усы тараўдың белгили алымы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, профессор Қанатбай Исмайловтың 60 жыллық юбилей кешеси болып өтти.
Илажды университет ректоры А.Реймов басқарып барды. Кешеде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының комитет баслығы Б.Мәтмуратов, сенатор О.Атаниязова, академиклер М.Бахадырханов, С.Зайнабиддинов, профессорлар Б.Умирзақов, Э.Имамов, Г.Гулямов, Б.Абдикамалов, М.Ибрагимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, юбилярдың илимий мийнет жолы, оның қарақалпақ илимине қосқан үлеси ҳаққында айтып өтти.
Айтып өтилгениндей, Қарақалпақстанда өткен әсирдиң 80-жылларында Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери, физика-математика илимлериниң кандидаты М.Ережеповтың басламасы менен Нөкис мәмлекетлик университетинде (ҳәзирги Қарақалпақ мәмлекетлик университети) проблемалық лаборатория шөлкемлестириледи. Мине, усы басламалар елимизде ярымөткизгишлер физикасы тараўының пайда болыўына алып келди. Соңынан, бул тараў бойынша илимпаз қәнигелердиң жетилисип шығыўының нәтийжесинде университетте 1987-жылы Ярымөткизгишлер физикасы кафедрасы шөлкемлестириледи.
Бүгинги күнге шекем, яғный, 30 жылдан аслам ўақыттан берли ярымөткизгишлер физикасы бойынша Қарақалпақстанда өз алдына мектеп жаратылады. Усы мектептиң көрнекли ўәкиллериниң бири, физика-математика илимлериниң докторы, профессор Қанатбай Исмайлов есапланады.
Қ.Исмайлов көп жыллардан берли университеттиң ярымөткизгишлер физикасы кафедрасының баслығы сыпатында, кафедраның оқыў, оқыў-методикалық жумысларын ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеўде, соның менен бирге жас кадрлардың, докторантлардың илимий жумысларының алға илгерилеўинде үлкен мийнет етип келмекте. Ол усы күнге шекем 300 ден аслам илимий мийнетлердиң авторы, соннан 1 монография, 5 оқыўлық, 6 оқыў-методикалық қолланбаның, ойлап табыўшылық бойынша 4 авторлық гүўалықтың ийеси.
Қ.Исмайлов маман илимий кадрларды таярлаўға айрықша дыққат аўдарады. Мәселен, тиккелей оның басшылығында: 1 докторлық, 4 кандидатлық ҳәм 2 философия докторы физика-математика илимлери бойынша өзлериниң диссертацияларын табыслы жақлап шықты ҳәм ҳәзирги ўақытта республикамыздың жоқары оқыў орынларында, илимий-изертлеў мәкемелеринде табыслы мийнет етпекте.
Сондай-ақ, оның басламасы менен бүгинги күнде шет еллердиң белгили жоқары оқыў орынлары, илимий мәкемелер менен илимий байланыслар орнатылды.
Оның усындай илим жолындағы мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, усы жылы ғәрезсизлик байрамы алдынан оған «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» деген ҳүрметли атағы берилди.
Әнжуман күнниң екинши ярымында ҳәр қыйлы секцияларда өз жумысын даўам етти.
Баспасөз хызмети.





