Адам тәбиятсыз жасай алмайды. Ал, тәбият адамсыз жасай береди. Тәбияттың тазалығы, дөгерек әтираптың азадалығы бизиң мазмунлы өмиримиздиң тийкары. Сонлықтан да, ҳәр бир адам өзиниң жасап турған мәканы, аймағының тазалығы ушын тиккелей жуўапкер. Буның ушын биринши нәўбетте адамларда экологиялық мәдениятты қәлиплестириў керек. Әсиресе, келешегимиз тийкары болған жаслардың санасына бул туйғыны сиңдирип барыўымыз зәрүр.
Кейинги жыллары мәмлекетимизде жаслар тәрбиясы, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты бир тәрепи де усы экологиялық мәдениятты қәлиплестириў ислери менен байланыслы.
Жақында университетимиздиң қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студентлериниң басламасы менен “Аймағымыздың тазалығы ушын!” сүрени астында шембилик өткерилди.
Шембилик жумыслары даўамында әтираптағы қуўрақ жапырақлар, шығындылар алып тасланды. Тереклер путалды, атызлар аўдарылды. Жабайы шөплер оталды.
Солай етип, оқыў дәргайымыздың шырайы жаңаша түске енди. Демек, аймағымыздың тазалығын сақлаўды ҳәр дайым ядымызда тутыўымыз керек.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақ филологиясы ҳәм
журналистика факультетиниң 1-курс студенти.
