Биология факультети улыӯма биология ҳәм физиология кафедрасында жасларда жат идеяларға қарсы беккем иммунитетти қәлиплестириў мақсетинде «Мен диний экстремизм ҳәм терроризм қәўипин қалай түсинемен» атамаcында студентлер арасында таңлаӯ болып өтти.
Таңлаӯға кафедраның студентлери өзлери сызған суӯретлер менен қатнасды. Таңлаӯға бәрше топар студентлери «Мен диний экстремизм ҳәм терроризм қәўипин қалай түсинемен» атамаcына тийисли мазмунлы суӯретлерин сызып келген. Танлаўға биология факультети деканы Я.Аметов, Нөкис қаласы ИИБ профилактика инспекторлары ҳәм кафедра оқытыўшысы И.Арепбаевлар төрешилик қылды.
Таңлаў жуўмағында биринши орын 2А-биология топары студенти Д.Жолдасбаевға берилди, ал, екинши орын 1А-биология топары студенти И.Турсынбаевға, үшинши орын 2Е-биология топары студенти М.Собироваға несип етти.
Бул таңлаӯды өткериӯден тийкарғы мақсет – жасларда экстремизм ҳәм терроризмге қарсы беккем иммунитетти қәлиплестириў есапланады. Себеби, ХХ әсирдиң екинши ярмында халықаралық майданда өзин бәлент дағаза қылған бәршеге өзиниң унамсыз тәсири менен танылған экстремизм ҳәм оннан азықланып турған диний баслама менен оранып алған терроризм. Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде дүньяда 500ге жақын терроршы шөлкемлер жумыс алып бармақта. 1968-1980-жыллар даўамында олар 6700ға жақын терроршылық ҳәрекетин әмелге асырған. Нәтийжеде 3668 адам набыт болып, 7474 адам жарақат алған.
Экстремизм ҳәм терроризм адамлардың ертеңги күнине болған исенимине зыян жеткизип қоймастан, бәлким, халықаралық машқалаларды, солардан түрли дин ўәкиллери болған халықлар ортасындағы өз-ара исенимге сая салып¸ жәҳән раўажланыўының халықаралық экономикалық ҳәм мәдений шерикликтиң раўажланыўына тосқынлық етпекте.
Диний экстремизмниң келип шығыўының биринши ҳәм тийкарғы себеби бул – қарама-қарсы пикир ҳәм көз-қараслардың пайда болыўы. Сола екен, биз жаслар бундай жаман иллетлерге қарсы гүресиўимиз, әтирапта болып атырған ўақыя-ҳәдийселерге бийпарқ болмаўымыз зәрүр.
Ж.Измурзаева,
Биология факультетиниң студенти.
