Университеттиң шет тиллери факультетинде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен жаслар мәнаўиятын жоқарылатыў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша әҳмийетли 5 баслама тийкарында китап оқыўға қызығыўшы студент-жаслар арасында «Ең белсенди китапқумар топар» таңлаўы болып өтти.
Танлаўда студент-жаслар өзбек, қарақалпақ ҳәм жәҳән әдебиятының көрнекли ўәкиллери тәрепинен дөретилген әдебий шығармалар бойынша белсене қатнасты. Факультет рус тили, инглис тили ҳәм немис тили бакалавр бағдарларынан студентлер қатнасып, өзлериниң қаншелли дәрежеде китап оқыўға болған қызығыўшылығын көрсетип берди.
Таңлаў даўамында студент-жаслар қарақалпақ халқының сүйикли шайыры И.Юсупов, рус халқының уллы жазыўшысы А.П.Чехов шығармаларынан үзиндилер, монологлар оқып берди.
Бундай таңлаўлардың факультет тәлим бағдарлары арасында өткерилиўи студент-жасларымыздың китап оқыўға болған қызығыўшылығын және де арттырады десек қәтелеспеген боламыз.
Таңлаў жуўмағында жеңимпаз болған студент-жаслар ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Т.Кулниязов,
Факльтеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.
