Ана тилимизди қәдирлейик!

Тил-бул адамлар арасындағы қарым-қатнас қуралы болып, бизиң инсан болып жасаўымызда өмиримиз даўамында бизге ҳаўа менен суўдай зәрүр.  Ол арқалы бир-биримизге ең жақсы сөзлеримизди айтып, сезимлеримизди билдиремиз. Адамның  қаншелли дәрежеде тәрбиялы екенлиги оның сөйлеген сөзинен билинип турады.

Дана халқымыз сөйлеў қағыйдалары, тилге итибар бериў, ҳәр бир айтқан гәпти ойлап сөйлеў ҳаққында ибратлы пикирлерди айтқан. Усы ҳикметлерге әмел еткен ҳалда бизиң абырайымыз, мақтанышымыз есапланған ана тилимизде толық, таза ҳәм мәдениятлы сөйлеў ҳәр биримиздиң инсаныйлық парызымыз болыўы керек.

Тилекке қарсы, жәмийетлик орынларда, көшелерде айырым заманласларымыздың өз-ара сөйлескенлеринде сондай бай ана тилимиздеги айырым сөзлердиң төркинине түсинбегенлигинен яки болмаса өзлериниң сөйлеў усылы солай ма, өзге тилдеги сөзлерди қосып, гәптиң мәнисин қашырып сөйлегенине қапа болып кетемен.

Базылардың тилимизге болған ҳүрметсизлиги, оны бузып сөйлеўи нәтийжесинде орфоэпиялық, орфографиялық қате-кемшиликлерге жол қойып атырғанына қыйналамыз. Данышпанлардың бири айтқан еди: «Өз ана тилин терең меңгере алмаған адам өзге тиллерди де толық өзлестире алмайды». Егер биз шет тиллерин үйренбекши болсақ, ең әўеле өз ана тилимизди толық түсинип, билип, тилимиздеги сөйлеў нормаларына толық жуўап бере алғанымызда ғана мақсетимизге ерисе аламыз.

Айнура Алишова,

Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 4-курс студенти.

Пайдалы дереклер