Ҳәр бир инсан ушын қуўанышлы күнлериниң бири – туўылған күни болып есапланады. Сонлықтан да, кишкене балаларымызды туўылған күнлери менен қутлықлаў мақсетинде Хожели районындағы республикалық 1-санлы Меҳрибанлық үйиниң тәрбияланыўшыларына Қарақалпақ мәмлекетлик университети Химия технология факультети 2 б,с -химия топары студентлери топар басшылары Д.Турениязова ҳәм А.Бектурсыновалар менен биргеликте саўғалар апарып, балаларымыздың ҳалынан хабар алынды.
Меҳрибанлық үйиниң тәрбияланыўшыларынан 8 бала ноябрь айында туўылған екен. Бизлер топар басшыларымыз бенен бирге балаларымыздың туўылған күнлерин белгиледик. Балалар тәрепинен туўылған күн ийелерине концерт бағдарламасы қойып берилди.
Интизар Иманбаева,
Химия-технология факультетиниң 2-курс студенти.
