Жаман иллетлерден аўлақ болайық!      

Ҳәзирги күнде глобал машқалаға айланып турған жасларымыздың өмириниң зәҳәрлениўи ҳәм ерте өмирден көз жумыўына алып келип атырған АИВ ҳәм АИЖСтың қандай жоллар менен инсаннан инсанға жуғып қалыўын биреў билсе биреў билмейди. Жасларымыз арасында АИВ ҳәм АИЖСке қарсы руўхый жақтан ишки иммунитетти пайда етсек мақсетке муўапық болар еди.

Халқымызда сондай жақсы гәп бар: «Кеселди емлегеннен оның алдын алған жақсы», дейди. Сол мақсетте, усы жылдың 2-декабрь күни улыўма биология ҳәм физиология кафедрасында «АИВ ҳәм АИЖСтан абайлы бол!» атамасында илаж шөлкемлестирилди.

Илажда улыўма биология ҳәм физиология кафедрасының оқытыўшылары доц. С.Сейтназаров ҳәм И.Арепбаевлар студент-жасларға АИВ ҳәм АИЖС ҳаққында түсиниклер берди.

Буннан соң кафедра оқытыўшысы И.Арепбаев ҳәм 3-басқыш биология топары студент-жаслары АИВ ҳәм АИЖС ҳаққында мағлыўматлардан буклетлер ҳәм қызыл лентадан АИЖСке қарсы гүресиў белгилерин ислеп, биология факультети студентлерине тарқатты.

Ҳақыйқатында да, усындай студент-жасларға кең түрде берилген мағлыўматлар менен жақсы таныссақ жақынларымызға, досларымызға  АИВ ҳәм АИЖС ҳақкындағы мағлыўматларды толық ҳәм қәтесиз анык жеткерсек бул жаман кеселликтиң алдын алыўда әмелге асырылып атырған жумысларға өз үлесимизди қосқан боламыз.

Ж.Измурзаева,

 Биология факультетиниң 3-курс студенти.

Пайдалы дереклер