Өмир – бийбаҳа байлық

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен жаслар мәнаўиятын жоқарылатыў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша усыныс етилген 5 әҳмийетли Баслама бойынша режелестирилген руўхый-ағартыўшылық илажларының орынланыўына өз үлесимизди қосыў мақсетинде Биология факультети улыўма биология ҳәм физиология кафедрасында «Өмир – бийбаҳа байлық» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Кешени баслаўшы студент-қызларымыз сәлемнамадан баслады. Буннан соң студентлер тамашагөйлердиң кеўлин көтериў мақсетинде өзбек тилинде «Ҳаётнинг ҳар лаҳзаси гўзал» қосығын атқарып шықты.

Өмирдеги ең қәдирдан инсанларымыз бул – ата-анамыз. Биз ата-анамызды барында қәдирине жетиўимиз керек. Тилекке қарсы, айырым перзентлер ата-анасының барында қәдирине жетпейди, ата-анасына қанша тәшўишлер арттырып, айтқанын қылмай, олардың ерте қартайыўына себепши болады.

Студент-жасларымыз әне сондай унамсыз ўақыялардың болыўының алдын алдын алыў мақсетинде «Ата-ана қәдири» атлы сахналық көринисин қойып берди. Буннан соң, тамашагөйлердиң кеўилин көтериў мақсетинде студент-қызлармыз «Бағыша» қосығына ҳәм басқа да қосықларға ойнап, өзлериниң талантларын көрсетти.

Және, қызларымыз тамашагөйлердиң еле де кеўиллерин көтериў мақсетинде комедиялы «Генерал қайынене» ҳәм «Супер келиншек» атлы  сахналы көринислерин қойып берип, залдағылардың кейпиятларын көтерди ҳәм тамашагөйлердиң алғысына еристи.

Ж.Измурзаева,

Биология факультетиниң 3-курс студенти.

Пайдалы дереклер