Қайырқомлық илажлары даўам етпекте

Халқымызда «Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек» деген ибратлы сөз бар. Бул нақылды биз дерлик ҳәр күни еситемиз. Гейде жанымыздағы досларымызға да айтып қоямыз. Бирақ, өзиңизге сораў берип көрдиңиз бе?  Соңғы мәрте қашан, кимге саўап ис қылдыңыз? Еситкен рахметлериңизди еслей аласыз ба? Саўап ислер тек мүтәжлерге жәрдем берип қоймастан, саўап ис қылған инсанның кеўил-кейпиятын ҳәм көтереди. Және де қайырлы ислерге қол урыўға ийтермелейди.

Санаат технологиясы факультети усындай қайырқомлық илажларын өткериўди даўам етпекте. Факультеттиң 1-курс жеңил-санаат тәлим бағдары студентлери топар басшысы Р.Оразымбетова менен биргеликте Тақыятас районындағы «Кишкентайлар» меҳрибанлық үйинде болды.

Студентлер бул орындағы балалар менен танысып, оларға алып келген саўғаларын тапсырды. Кишкентайлар да бундай итибар ҳәм ғамхорлықтан кеўиллери көтерилип, мийманларға өзлери билген қосық, тақмақ ҳәм аяқ ойынларын усынды.

«Жақсылық қыл да, умыт» дегенлериндей, биз бундай илажлар көлемин еле де кеңейтиўди мақсет етип қойғанбыз. Себеби, «Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеў керек».

Гөззал Жалгасова,

Санаат технологиясы факультети студенти.

Пайдалы дереклер