Ҳəммемизге белгили, Конституция мəмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ҳəр бир елдиң келешегин ҳəм келбетин белгилейди.
Ғәрезсизлигимиз қолға киргизилген ўақытлардан баслап-ақ, социаллық бағдарланған базар экономикасына тийкарланған ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм де инсан, оның ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплери ең жоқарғы қәдрият есапланған пуқаралық жәмийетин қурыў жолынан исеним менен келинбекте. Бундай жәмийетти қәлиплестириўде баслы нызамымыз орны оғада үлкен турмыслық әҳмийетке ийе.
Соның менен бирге, Ўатанымыз дүнья жүзи сиясий майданында, халықаралық қатнасықларда мәмлекет ғәрезсизлигин ҳәм суверенитетин беккемлеўи, өзиниң беккем позициясына ийе болыўы, дуньяның ең раўажланған уллы мәмлекетлер қатарынан орын алыўында да елимиз Конституциясының орны ҳәм әҳмийети шексиз.
Бүгинги күнде Республикамыз Конституциясы беккемлеп берген норма ҳәм принциплерге әмел етилген ҳалда жәмийетимиздиң барлық салаларында, атап айтқанда, мәмлекет ҳәм жәмийет қурылысын жетилистириў, суд-ҳуқық системасын және де демократияластырыў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, экономиканы еле де либералластырыў, халықтың турмыс жағдайын жақсылаў, мәденият ҳәм руўхыйлықты раўажландырыў бойынша кең көлемли шара-илажлар әмелге асырылмақта. Әлбетте, жәмийетимиздиң барлық тараўларында әмелге асырылып атырылған реформаларда «Инсән мәплери ҳәмме нәрседен үстин» деген принцип басшылыққа алынбақта.
Соны айрықша айтып өтиў керек, Конституциямыздың дүзилис мазмуны – пуқаралар ортасында татыўлықты қәлиплестириўге, миллий ҳәм жәмийетлик бирге ислесиўге, шахс еркинлиги ҳәм сайлаў еркинлигин тәмийинлеўге, абаданлық ҳәм экономикалық өсиўге, мәмлекеттиң инсан ҳәм пуқаралар алдындағы өз миннетин орынлаўға бағдарланған.
Республикамыз Конституциясы жәмийетимиздиң бәрше ағзаларының, сондай-ақ, жаслардың мәплерин, олардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин толық түрде өзинде сәўлелендирген. Себеби, келешегимиз болған жаслар мәмлекетимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланып уллы мәмлекетке айланыўында белсене қатнасыўы шешиўши әхмийетке ийе. Жаслардың социаллық талаплары итибарға алынып, бийпул улыўма билим алыўын, еркин кәсип таңлаўын, илимий ҳәм дөретиўшилик еркинлигин өз ишине алыўшы хуқықлар жыйнағы Конституциялық қағыйдалар сыпатында беккемлеп қойылған. Мәмлекеттиң жәмийетимиз мәдений, илимий ҳәм техниқалық раўажланыўына ғамхорлық қылыўы ҳәрбир жас аўладтың еле де алға илгерилеп мәмлекетимиз раўажланыўына өз үлесин қосыўына беккем шараят жаратады.
Конституциямызда көрсетилген нормалар өз-өзинен әмелге аспайды. Бул нормаларды турмысқа енгизиўде ең дәслеп, хәрбир инсан ҳәм пуқараның белсенди түрде қатнасыўы талап етиледи. Сондай-ақ, жәмийет ағзаларының ҳуқықый мәденият дәрежеси жоқары болыўы да зәрүрли шәртлердиң бири. Сол себепли, ҳәрбиримиз илим-билимимизди, тәжирийбемизди ең баслы нызамымызда көрсетилген норма хәм қағыйдаларды әмелге асырыўға сарыплаўымыз керек.
Жуўмақлап айтқанда, Конституция ҳәм нызамларға әмел еткен ҳалда Ўатан мәпи жолында жасаў ҳәм онын раўажланыўы ушын мийнет етиў, Ўатан алдында өз мәжбүриятларымызда ҳүжданлы түрде орынлаў ҳәрбир пуқараның, айрықша, жаслардың тийкарғы ўазыйпаларынан есапланады.
Даулетбай Лепесбаев,
Юридика факультети 2-курс студенти.