O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Нөкис қаласында “Жаңа Өзбекстанды биргеликте қурамыз” ураны астында сайлаў алды үгит-нәсият акциясы шөлкемлестирилди.
Илажда партия белсендилери, O’zLiDeP тәрепинен усынылып атырған талабанлар, жаслардан ибарат ўәкиллери ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.
Бул акция белгили ҳәрекет жөнелисинде өткерилип, O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси имараты алдынан старт алды.
Буннан соң транспорт қуралларында партия белсендилери Төрткүл гүзары көшеси бойлап жүрип, партия ураны көтериңки жаңлаған түрде талабанларды қоллап-қуўатлаўға пуқараларымызды шақырды.
Пайтахт көшелерин кең түрде қамтып алған акция Орайлық базар ҳәм Корзинка.уз саўда комплекси әтирапында да кең түрде даўам етти.
Қала халқынын тийкарғы ҳәрекет жөнелиси орайы сыпатында Орайлық базар әтирапы ҳәмме ўақыттағыдай халық пенен толы еди ҳәм акция көпшиликти өзинде жәмлей алды.
Өз нәўбетинде пуқараларымыз да делегация ағзаларын жыллы жүзлилилик пенен күтип алды.
Илаж даўамында үгит-нәсиятшылардың бир топары Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде тоқтап, университет жәмәәти, студент-жаслар арасында үгит-нәсият жумысларын алып барды ҳәм тарқатпа материаллар тарқатты.
Университет жаслары ҳәм профессор-оқытыўшылар акцияда белсенди қатнасты ҳәм партияны қоллап-қуўатлайтуғынлығын билдирди.
Буннан соң А.Досназаров көшеси бойлап пуқараларымызды өткерилиўи күтилип атырған сайлаўда белсенди қатнасыўға ҳәм талабанларды қоллап-қўатлаўға шақырды.
Акцияның кейинги мәнзили Нөкис мәмлекетлик Педагогика институты болды ҳәм кеўилли жаслар тәрепинен дүзилген ағзалары ҳәм партия белсендилери усы жоқары оқыў орнында үгит-нәсият жумысларын кең түрде алып барды.
Педагогикалық институты жәмәәти де ағзаларды жыллы жүзлилик пенен күтип алды ҳәм партия тәрепинен усынылған талабанларды қоллап-қуўатлаўы ҳәм жетекши партияға даўыс бериўин айтып өтти.
Илаж даўамында O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, партия белсендилери, партия тәрепинен усынылып атырған талабанлар ҳәм жаслар менен биргеликте Мега Нукус саўда комплекси алдында концерт бағдарламасын шөлкемлестирди.
Жаңа жыл алдынан ҳәм өткерилиўи күтилип атырған сайлаў қарсаңында шөлкемлестирилген бул акция концерт бағдарламасы жыйналғанларға байрамға тән рух бағышлады.
Жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген акция көтериңки түрде даўам етти.
O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы
Кеңеси баспасөз хызмети.
