Волейбол бойынша жарыс шөлкемлестирилди

Елимизде дене тәрбиясын ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў социаллық сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири етип белгиленген. Себеби, спорт халықтың денсаўлығын беккемлеў, жас әўладты саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаў арқалы жәмийетте саламат турмыс тәризин жетилистиреди. Ҳәр қыйлы кеселликлердиң, жаслар арасындағы зыянлы иллетлердиң алдын алады. Спорт жоқары мәденият, Ўатанды сүйиўшилик сезимлерин жетилистириўде де әҳмийетли орын ийелейди. Бул салада ерисилген табыслар елимизди дүньяға танытады, барлық ўатанласларымызға мақтаныш бағышлайды.

Ғәрезсизлик жылларында бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Халықтың, әсиресе, жас әўладтың дене тәрбиясы ҳәм ғалабалық спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылды. Қалалар менен аўылларда заманагөй спорт комплекслери қурылды. «Үмит нәлшелери», «Бәркамал әўлад» ҳәм «Универсиада» жарыслары жасларды ғалабалық спортқа, саламат турмыс тәризине тартыў қуралына айланды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де спорт пенен турақлы шуғылланыў ушын қолайлы шараятлар жаратылған.

Жақында университет факультетлери ҳәм бөлимлеринлеринде жумыс ислеп атырған хызметкерлер арасында жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен спорттың волейбол түри бойынша жарыс шөлкемлестирилди.

Кескин беллесиўлер астында өткерилген жарыс жуўмағында 1-орынды Шет тиллери факультети командасы, 2-орынды АХЧ бөлими командасы , 3-орынды Химия-технология факультети командалары ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Н.Джанходжаев,

Дене мәденияты факультетиниң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер