Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2013-жыл 11-июльдеги 250-санлы ҳәм де 2013-жыл 29-октябрьдеги 395-санлы буйрықлары тийкарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессор-оқытыўшылары арасында шет тиллерин оқытыў курсы бойынша факультетлер аралық шет тиллер кафедрасы профессор-оқытыўшылары жедел жумыс алып бармақта.
Бунда университет факультетлериндеги профессор-оқытыўшылардың инглис тили бойынша билим ҳәм көнликпелерин еле де арттырыў бойынша кең түрде илажлар шөлкемлестирилип барылмақта.
Әлбетте, бундай илажлардың шөлкемлестирилиўи, шет тиллерин үйрениў профессор-оқытыўшыларға еле де кең мүмкиншилер беретуғыны анық.
Д.Кубейсинова,
Факультетлер аралық шет тиллер кафедрасының баслығы.
