Президентимиздиң жаслардың мәнаўиятын жоқарылатыў, олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша илгери сүрген 5 әҳмийетли басламасының үшинши басламасы – халық ҳәм жаслар арасында компьютер технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириўге қаратылған.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары тәрепинен пайтахтымызда жайласқан 22-25-33-34-36-санлы ҳәм Хожели районлық 39-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде, ҚМУ академиялық лицейи, И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеплерде компьютер технологиялары бойынша шеберлик сабақларын өтти.
Илаж барысында оқыўшыларға компьютер бағдарламалары, интернет тармақларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша кең түрде түсиниклер берилди.
ҚМУ Баспасөз хызмети.
