#онлайн  ҚМУ ЖАСЛАРЫ ТӨМЕНГИ ӘМИЎДӘРЬЯ БИОСФЕРА РЕЗЕРВАТЫНДА

Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты жанында республикамыздың белсенди жаслары тәрепинен «Жаслар экология бағы» жаратылды. Бул илажға бәрше жаслары қатары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студент-жаслары да белсене қатнаспақта.

Бул экологиялық акция жаслар турмысында айрықша орын ийелейди. Әлбетте, бундай илажлар жаслардың қоршаған орталыққа, ана тәбиятымызға деген меҳрин еле де арттырыўда өзиниң унамлы нәтийжесин берери анық.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

  

Пайдалы дереклер