#Бес_баслама_бес_имканият   ШАҢАРАҚЛАРДЫҢ БЕККЕМЛИГИН САҚЛАЎДА МИЛЛИЙ ҚӘДИРИЯТЛАРДЫҢ ОРНЫ ҲӘМ ӘҲМИЙЕТИ

Усы жылдың 17-январь күни  «Бес баслама – бес имканият» ураны астында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми тәрепинен университетке бириктирилген  «Қурылысшы» МПЖ да жас шанарақлы  ҳаял-қызлар менен дөңгелек стол әтирапында «Шаңарақлардың беккемлигин сақлаўда миллий қәдириятлардың орны ҳәм әҳмийети» атамасында илаж шөлкемлестирилди.

Илажға тийкарынан усы «Қурылысшы» мәкан пухаралар жыйынындағы    жумыссыз отырған ҳәм бала тәрбиясы менен бәнт болған ҳаял-қызлар қатнасты.

Илажда университет Ҳаял-қызлар шөлкеми баслығы И.Сейтназарова университеттиң ҳаял-қызлар шөлкеми жанында шөлкемлестирилген «Шаңарақта миллий қәдириятларды үгит- нәсиятлаў» мәсләҳәт орайы, «Қызларжан» клубы, «Миллий кестешилик», «Қол өнери» ҳәм «Шебер қоллар» тигиўшилик» дөгереклери ҳаққында сөз етти ҳәм усы орай клуб, дөгереклерде мәканда жасаўшы ҳаял-қызларды  бийпул  өнер үйрениўге шақырды ҳәм келешекте бирге ислесиў мәселелери келисип алынды.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер