МУЗЕЙДЕГИ КӨШПЕЛИ САБАҚ

Усы жылдың 23-январь  күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейинде Нөкис қалалық  Президент мектебиниң 10 – “а ҳәм “бкласс оқыўшылары  ушын Өзбекстан тарийхы пәнинен “Совет ҳәкимиятының Өзбекстандағы репрессия сиясаты оның мазмуны ҳәм ақыбетлери” темасында көшпели сабақ өткерилди. Көшпели сабақты  тарийх пәни муғаллими Зульфия Тажетова алып барды.

Буннан соң, Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи директоры, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент А.Қудияров университет қурамындағы Репрессия қурбанлары еслеў музейи Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың тиккелей басламасы менен шөлкемлестирилгенлигин ҳәм музейдиң жаслар тәрбиясы ушын тарийхый әҳмийети музейди еле де жетилистириў жумыслары ҳаққында айтып берди.

Сабақ барысында музей хызметкери Аңсатбай Алимбетов музей бөлимлери, топланған экспонатлар, ҳәр бир экспонатлардың тарийхый әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиник берип өтти.

Көшпели сабаққа Президент мектебиниң методисти Амангул Мамбетназарова, сондай-ақ, Президент мектебиниң америкалы академиялық директоры Франкие Нелсон Степҳансон, канадалы оқытыўшы Гизелле Думм қатнасты.

10-класс оқыўшылары музей экспонатлары ҳаққында пән муғаллиминен ҳәм музей хызметкерилеринен алған тарийхый мағлыўматларын шет елли муғаллимлерге инглис тилинде аўдарып айтып берди. Шет елли муғаллимлер де тарийхымызға үлкен қызығыўшылық билдирип, музейдиң жумыс тәртиби, жумыстан бос ўақытлары музей ҳәм халкымыз тарийхы ҳаққында еле де тереңирек мағлыўматлар алғанлығы туўралы айтып өтти.

А.Алимбетов,

Музей хызметкери.

Пайдалы дереклер