Елликқалада «Елликқала – туризм орайы» атамасындағы халықаралық илимий, экономикалық, мәдений-ағартыўшылық конференция болып өтти

2020-жылы 22-январ күни Елликқала районында «Елликқала – туризм орайы» атамасындағы халықаралық илимий, экономикалық, мәдений-ағартыўшылық конференция болып өтди. Конференцияға Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Экономика» факультетиниң «Туризм» тәлим бағдарының студентлери конференцияға қатнасып қайтты.

Конференцияда Бангладеш Халық Республикасы, Саудия Арабиясы Патшалығының мәмлекетимиздеги елшиханасының ўәкилллери, Қытай Халық Республикасы, Россия Федерациясы инвесторлары, министрликлер, туризм шөлкемлери, Қарақалпақ мәлекетлик университети профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери, сырт ел ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Конференцияда район ҳәкими С.Авезов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары М.Жуманов, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими археология бөлими баслығы, Өзбекстан қаҳарманы Ғ.Хожаниязов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети доценти А.Алымов ҳәм басқалар туризм тараўын раўажландырыў, исбилерменлер ушын жеңилликлер жаратыў, қәнигелер таярлаў, туристлерге көрстеилетуғын хызмет түрлерин раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең қолемли жумысларға тоқталды.

Атабек Алымов,

Экономика кафедрасының доценти, PhD.

Пайдалы дереклер