Усы жылдың 30-январь күни университетимизде «Жаслар менен ушырасыў ҳәм оларды бантлигин тәмийинлеў», «Жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў» ҳәм де республика көлеминде өткерилип атырған «Ҳәрекет қәўипсизлиги» айлығы илажлары бойынша ушырасыў шөлкемлестирилди.
Илажды университетти Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры О.Дуйсенбаев ашты ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў, оларды анықлаў ҳәм шек қойыў, буған имкан бериўши себеплер ҳәм шараятларды сапластырыў бойынша республикамызда кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти. Бул бойынша университетимизде бир қатар нәтийжели ислер әмелге асырылып, ҳуқық қорғаў органлары қәнигелери, жәмәәтлик бирлеспе ўакиллери менен биргеликте профессор-оқытыўшылар ҳәм де студент-жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўға қаратылған үгит-нәсиятлар илажлары өткерилип туратуғынлығын қосымша келтирип өтти.
Сондай-ақ, Нөкис қалалық Ишки ислер органы жумысларын муўапықластырыў басқармасы баслығы орынбасары С.Нуратдинов, Нөкис қалалық Ишки ислер органы жумысларын муўапықластырыў басқармасы Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлим баслығы Е.Мусағалиев, Нөкис қалалық Ишки ислер органы жумысларын муўапықластырыў басқармасы ХПБ аға инспекторы Б.Уразов, Нөкис қалалық Ишки ислер органы жумысларын муўапықластырыў басқармасы ЖОхЖА ХП ШТ аға инспекторы К.Атаниязова, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис қаласындығы Халық қабыллыўханасы баслығы А.Балтабаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Микрокредитбанк регионаллық филиалы хызметкери И.Халменовлар өз баянатлары менен қатнасты.
Баянатшылар тәрепинен жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў» ҳәм де республика көлеминде өткерилип атырған «Ҳәрекет қәуипсизлиги» айлығы илажи ҳаққында кең түрде түсиниклер берип өтти.
С.Мираметов.
