ПРЕЗИДЕНТ МЕКТЕБИ ОҚЫЎШЫЛАРЫНА КИТАПЛАР САЎҒА ЕТИЛДИ

Китаплар – инсанларды жақты жолға жетелеўши нур десек алжаспаймыз. Ол бийбаҳа ғәзийне ҳәм сарқылмас билим булағы. Мениңше, жасларға буннан артық саўға болмаса керек.

Усы мақсетте усы жылдың 30-январь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети атынан пайтахтымызда жайласқан Президент мектеби оқыўшыларына университеттиң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры О.Дуйсенбаев ҳәм де республикамыздағы бәрше ЖОО басшылары, сондай-ақ, Жаслар аўқамы жетекшилери тәрепинен «Бес баслама – бес имканият» бағдарламасы тийкарында 100 ден аслам әдебий китаплар саўға етилди.

Буннан мақсет – олардың китаплар менен жақыннан дос болыўына аз да болса үлес қосыў болып табылады. Себеби, китап бул-жасларды билим бағына жетелеўши шамшырақ саналады.

Әлбетте, бул китаплардың оларды китапқумарлыққа еле де тартыўға ҳәм саўатлылығын арттырыўда қәдирдан дос болары сөзсиз!!!

Биз бул арқалы бәрше жасларды китапқумарлыққа шақырып қаламыз!

Нилуфар Абдуллаева.

Шет-тиллери факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер