Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен жаслар мәниўиятын жоқарылатыў ҳәм олардыӊ бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша «Бес баслама – бес имканият» бағдарламасы тийкарында 2020-жыл 1-2-февраль күнлери Қарақалпақ мәмлекетлик университети спорт залында Қурылыс факультети 1-2-3-4-курс студент-жаслары арасында жасларды физикалық жақтан шынықтырыў хәм спорт тараўында өз қәбилетлерин көрсетиў ушын зәрүр шәраят жаратыў мақсетинде факультет ер балалары арасында спорттыӊ мини футбол түринен, ал, қызлар арасында спорттыӊ шахмат-шашка түри бойынша спорт жарысы өткерилди.
Мини футбол бойынша еки күн даўам еткен қызғын беллесиўде 3-в қурылыс материаллары командасы 1-орынды, 1-в қурылыс материаллары командасы 2-орынды, 2-а қурылыс материаллары командасы 3-орынды жеӊип алды.
Жеӊимпаз командаларға «Ҳүрмет жарлық», медаль ҳәм факультет кубоги тапсырылды.
А.Матжанов,
Қурылыс факультетиниң студенти.
