ДЫҚҚАТ, ДАҒАЗА!

ЗИЙРЕК ОҚЫЎШЫ-ЖАСЛАР, СТУДЕНТЛЕР, ЖАС ПЕДАГОГЛАР ҲӘМ КӘРХАНАЛАРДЫҢ ЖАС ҚӘНИГЕЛЕРИ УШЫН

«ROBOTUZ 2020» РОБОТОТЕХНИКА РЕСПУБЛИКА ТАҢЛАЎЫ!

 

Ислам Каримов атындағы Ташкент мәмлекетлик университети 2020-жылдың 11-12-март күнлери «ROBOT-UZ 2020» робототехника тараўында зийрек оқыўшылар ҳәм студентлер, жас педагог ҳәм алымлар, ҳәмде кәрханалардың жас қәнийгелери ушын Республика таңлаўы өткерилиўи дағаза етиледи.

Республика таңлаўының мақсети роботехника тараўындағы зийрек жаслар арасында илимий-техник дөретиўшилигин ең жайдарыў, инженерлик кәсиплериниң абыройын асырыў, жаслардың инновация ҳәм заманагөй технологиялар тараўына болған қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў.

Роботехник исленбелерин жаратыў ҳәм тараўды кеңейтириў менен шуғылланыўшы оқыўшылар, студетлер, талабалар, жас педагог ҳәм излениўшилер, хәмде кәрханалардың жас қәнийгелери таңлаў қатнасыўшылары болыўы мүмкин.

Жарыслар ТашМТУ Бас имаратының Өзбекстан-Япония жаслар инновация орайында 9-15 жасдағы оқыўшылар арасында айрықша ҳәм 16-25 жасдағы қатнасыўшылар арасында айрықша өткериледи.

 

«ROBOTUZ 2020» таңлаўы барысында төмендеги жөнелислер бойынша жарыслар өткериледи:

 

9-15 жасдағы оқыўшылар арасында:     

-робо Футбол

– робо Сумо

– кегельринг

 

Ҳәр бир жөнелисте үш сыйлықлы ойынлар ойналады, I,  II,  III орынларды ийелеген таңлаў жеңимпазлары ҳәм қымбат баҳа саўғалар менен хошеметленеди.

 

16-25 жасдағы қатнасыўшылар арасында:

– пайдалы ис қылыўшы роботлар таңлаўы;

– мобиль роботлар бәйгиси;

– робо Футбол;

– робо Сумо;

– Интелект дәрежесин көрсетип билиў.

Ҳәр бир жөнелисте I, II ҳәм III орынларды ийелеген таңлаў жеңимпазлары диплом ҳәм пул сыйлықлары менен хошаметленеди.

Айрықша көрсетилип өтилген исленбелер авторлары қәўендерлерден естелик саўғалары менен хошаметленеди. Барлық қатнасыўшылар ҳәм олардың басшыларына сертификатлар бериледи.

Таңлаў шәртлери хәм басқа мағлыўматлар менен университеттиң www.tdtu.uz веб-сайты арқалы танысыўыңыз мүмкин.

Мәнзил: Ташкент қаласы, Университет көшеси, 2а, «ТашМТУ Жаслар аўқамы», тел: (71) 227-19-47, (94) 656-89-19, +99897 2974097

 

Арза бериў тәртиби төмендегише:

«ROBOT-UZ 2020» таңлаўында қатнасыў ушын талабанлар төменде келтирилген формадағы арзаны толтырып, 2020-жылдың 1 мартына шекем robot_2020_tdtu@mail.ru электрон адресине жиберилиўи тийис.

 

«ROBOT-UZ 2020»

таңлаўында қатнасыў ушын Арза «___» ____2020ж

 

Кәрхананың толық аты….

Мәнзили, телефон, электрон адреси…

Қатнасыўшы(лар) Ф.И.Ш. (толық) ҳәм туўылған сәнеси

Қатнасыўшыны таярлаған педагогтың Ф.И.Ш.(толық) ҳәм контактлери (телефон, электрон адреси)…

Таңлаўдың____________________жөнелисинде қатнасыў ушын

Кәрхана ямаса мекеме басшысы қолы ________________

 

Пайдалы дереклер