ЖОҚАРЫ ТӘЛИМ ЖАҢА ШЕКЛЕРДИ ТАЛАП ЕТЕДИ

Бүгин дүньяда барлық тараўларға мәлимлеме технологиялары терең кирип бармақта. Раўажланыўға ерисиў ушын санлы билимлер ҳәм заманагөй мәлимлеме технологияларын ийелеўимиз зәрүрлигин заманның өзи талап етпекте. Бул бизге раўажланыўдың ең қысқа жолынан барыў имканиятын береди. Сонлықтан да, Президентимиз тәрепинен 2020-жылды «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы», деп аталыўында үлкен мәни бар. ХХI әсир жаслары биринши нәўбетте илимге, жаңаланыўға талпынған, интеллектуал билим ийелери. Олардың изленислерине бағдар бериў, кәсипке бағдарлаўда уқыбы ҳәм интасын есапқа алмақтамыз. Мәмлекетимизде илимди және де раўажландырыў, жасларымызды терең билим, жоқары мәнаўият ҳәм мәденият ийеси етип тәрбиялаў, бәсекиге шыдамлы экономиканы қәлиплестириў бағдарында басланған жумысларымызды  жедел даўам еттириў ҳәм заманагөй басқышқа көтериўдей мақсетинде жаңа ўазыйпаларды да белгилеп берди.

Кадрлардың билимин халықаралық мийнет базары талапларына сәйкеслендириў мақсетинде миллий маманлық системасы ислеп шығылыўы көзде тутылмақта. Усы система 9 мыңға шамалас кәсиплер бойынша кадрларды таярлаў имканиятын береди екен.

Жоқары билим аламан, өз үстимде ислеп, илимли боламан, деген жүрегинде оты бар жасларымыздың билим алыўы ушын ҳәмме қолайлықларды жаратыў мақсетинде, елимизде мектеп питириўшилерин жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 2020-жылда кеминде 25 процентке ҳәм келешекте 50-60 процентке жеткериў режеси, жоқары оқыў орынларына студентлерди қабыл етиў мәмлекетлик грантларын 2 есе көбейтемиз, деген пикири бәрше илимге талпынған жасларымыз кеўлине нур алып кирди, десек асыра айткан болмаймыз. Өйткени, билимли жаслар бизиң ертеңги келешегимиз.

Ҳеш бир мәмлекетте илимниң барлық тараўларын бир жола раўажландыриў имканы болмаған. Солай болса да, тәўекел етип жаңаша усыллар қабыл етип, жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларын да оптималластырыў бойынша билдирилген пикирлеринде де заман талабы сезиледи. Тийкарғы итибарды оқыўға кириў процесслерин әпиўайыластырыўға, жоқары оқыў орынларында шын мәнисинде билим ҳәм тәрбия алыўға қаратыўы зәрүрлигин дәўирдиң өзи көрсетип тур. Соның ишинде, «Қызларымыз ушын өз алдына грантлар да ажыратылады. Ҳаял-қызлар комитети усы грантлар тийкарында оқытыўға талабанларды сайлаў нормаларын ислеп шығыўы керек», деген пикири үлкен данышпанлық белгиси. Себеби, халқымызда «Ул өсирген әскер тәрбиялайды, қыз өсирген миллетти тәрбиялайды» деген гәп бийкарға айтылмаған.

Қызларымыздың тәрбиясы ертеңги миллетимиздиң, мәмлекетимиздиң мәнаўиятынан, илим-билиминен дерек береди. Мәмлекетимиз ушын илим тараўындағы тийкарғы бағдарларды анық белгилеп алыўымыз кереклиги, биз, оқытыўшыларға жаңа ўазыйпаларды жүклейди. Жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларын да оптималластырыў зәрүр. Биз бунда тийкарғы итибарды оқыўға кириў процесслерин әпиўайыластырыўға, жоқары оқыў орынларында шын мәнисинде билим ҳәм тәрбия алыўға қаратыўымыз зәрүр.

Илимде анық ҳәм тәбийий пәнлер қаншелли тез раўажланса, мәмлекеттиң жаңаша шеклерге жетиўине имканият есиклери ашылады. Быйылғы жылы математика, химия-биология, геология сыяқлы бағдарларда фундаментал ҳәм әмелий изертлеў жеделлестирилип, алымларға барлық шараятлар жаратып бериледи. Сондай-ақ, илим тараўында фундаменталлық ҳәм инновацияллық изертлеўлер ушын мақсетли грант қаржыларын ажыратыў түп-тийкарынан қайта көрип шығыўы бул тараўдағы илимпазларға билдириген исенимнен дерек береди. Билимлендириўдиң барлық басқышларында халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын мәлимлеме технологиялары енгизилиўи шәрт екенлиги иске жедел ҳәм белсенди қатнасты талап етеди.

Зияда Қожықбаева,

Филология илимлериниң кандидаты, доцент.

Пайдалы дереклер