Усы жылдың 3-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 6-санлы студентлер турар жайының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Салтанатлы мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары С.Бузрукхонов, ҚМУ ректоры А.Реймов, НМПИ ректоры Б.Утемуратов ҳәм басқалар қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2019-жыл 6-июлдеги 599-санлы буйрығы тийкарында ҚМУ Академиялық лицейиниң пайдаланылмай бос турған ҳәм оңлаўға мүтәж болған 100 орынлы жатақхана имараты университет балансына өткерилди. Жатақхана имаратына капитал-оңлаў жумысларын алып барыў ушын университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан 2 125 696 350 сўм ажыратылды ҳәм “NUKUS SUV INSHOTLARINI TAMIRLASH” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
ҚМУ Баспасөз хызмети.
