Студентлер ҳәм магистрантлар дыққатына!
Түркияның Ататүрк университетинде өткерилетуғын гезектеги «Түрк тилин үйрениўшилер ушын 9-қысқы мектебине» таңлаў өткериледи. Таңлаў 24-февральдан 6-мартқа шекемги дәўирде 2 ҳәпте даўамында болады. Курс соңында сертифат бериледи ҳәм 3 ECTS шеңберинде баҳаланады. Қатнасыўшылар ушын жатақхана ҳәм аўқатланыў қәрежетлери қапланады. Бирақ, барыў – келиў жол ҳақы менен ден-саўлығын кепилликлеўши қамсызладырыў пулын қатнасыўшылардың өзлери тәрепинен қапланады.
Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен 2 талабан таңлаў тийкарында қабыл етиў белгиленген. Таңлаўга ҳүжжетлер 11-февральға шекем қабыллаў белгиленген.
Ҳүжжетлер дизими:
- Өзи ҳаққында мағлыўматнама. (CV)
- Мотивация хаты
- Паспорт көширмеси
- Түрк тилин билиўи туўралы мағлыўматнама (сертификат ямаса басқа тастыйықлаўшы ҳүжжет)
- Талабанлар менен қысқа сәўбет өткериледи.
Қәлеўшилер университеттиң халықаралық бөлими Ш.Шаниязовқа (icdkarsu@gmail.com ) тел: +998612236655 ҳәм журналистика кафедрасының доценти Б.Палўановқа (bpnj@mail.ru) хабарласыўыңызға болады.