Бүгинги күнде мәмлекетимизде жасларға қаратылған итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Жаслардың ертеңги күни мүнәсип кәсип ийелеўлери, жетик қәнигелер болып жетилисиўлери ушын бир қатар жеңилликлер, имканиятлар жаратылды.
Елимиз жасларының турмысында қандай машқалалар болып атыр, олар менен тығыз бирге ислесиў бойынша ҳәр қыйлы илажлар әмелге асырылып келинбекте.
Усындай илажлардың бири усы жылдың 4-февраль сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти.
Оған ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов, Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев ҳәм университетте оқып атырған хожелиши студент-жаслар қатнасты.
Дәслеп ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов сөзге шығып, бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жасларға қаратылып атырған итибар, сондай-ақ, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында жасларды мәмлекет тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаўды және де күшейтиў зәрүрлигине айрықша тоқтап өтти. Елимизде халқымыздың дерлик ярымын қурайтуғын жаслар менен ислесиў мәселеси буннан былай да ең тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири болып қалады.
Ушырасыўда Хожели районы ҳәким Ж.Ермашев хожелиши студент-жаслардың мүрәжатларын тыңлады.
Буннан кейин жаслар күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалалар, өзлерин ойландырып жүрген мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирди. Жасларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине де кең түрде тоқталып өтилди.
Илажда студент-жаслардың мүрәжатлары район ҳәкими, тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылып, олардың бир қатары сол жердиң өзинде шешимин тапты.
Дәўлетбийке Жиенбаева,
Шет-тиллери факультетиниң студенти.


