ДЫҚҚАТ, ДАҒАЗА!

Студентлер ҳәм магистрантлар дыққатына!

Түркияның Ататүрк университетинде өткерилетуғын гезектеги «Түрк тилин үйрениўшилер ушын 9-қысқы мектебине» таңлаў өткериледи. Таңлаў 24-февральдан 6-мартқа шекемги дәўирде 2 ҳәпте даўамында болады. Курс соңында сертифат бериледи ҳәм 3 ECTS шеңберинде баҳаланады. Қатнасыўшылар ушын жатақхана ҳәм аўқатланыў қәрежетлери қапланады. Бирақ, барыў – келиў жол ҳақы менен ден-саўлығын кепилликлеўши қамсызладырыў пулын қатнасыўшылардың өзлери тәрепинен қапланады.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен 2 талабан таңлаў тийкарында қабыл етиў белгиленген. Таңлаўга ҳүжжетлер 11-февральға шекем қабыллаў белгиленген.

Ҳүжжетлер дизими:

  1. Өзи ҳаққында мағлыўматнама. (CV)
  2. Мотивация хаты
  3. Паспорт көширмеси
  4. Түрк тилин билиўи туўралы мағлыўматнама (сертификат ямаса басқа тастыйықлаўшы ҳүжжет)
  5. Талабанлар менен қысқа сәўбет өткериледи.

 

Қәлеўшилер университеттиң халықаралық бөлими Ш.Шаниязовқа (icdkarsu@gmail.com ) тел: +998612236655 ҳәм журналистика кафедрасының доценти Б.Палўановқа (bpnj@mail.ru) хабарласыўыңызға болады.

Пайдалы дереклер