Бүгин Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен белсенди студентлерди анықлаў ҳәм оларды хошаметлеў мақсетинде өткерилген «Жыл студенти-2019» республикалық таңлаўының жеңимпазлары анықланды.
Қуўанышлы тәрепи, «Жыл студенти-2019» таңлаўының жеңимпазлары қатарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери Сапура Қайыпназарова – «Жылдың ең белсенди спортшы студенти» номинациясында 1-орынды,

Дильназ Адильчаева – «Жылдың ең үлгили исбилермен студенти» номинациясында 1-орынды,

Атабек Рахимбаев – «Жылдың ең белсенди блогер студенти» 
номинациясында 3-орынларды ийеледи.
Биз де өз гезегинде жеңимпаз болған студентлеримизди қутлықлап, алдағы оқыўларында табыслар тилеп қаламыз.
ҚМУ Баспасөз хызмети.