ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРҒА БОЛҒАН ҲҮРМЕТ-ИТИБАРДЫҢ ЖОҚАРЫ ҮЛГИСИ

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёвтиң  Ѳзбекстан Республикасы Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасы турмысымыздың ең баслы жѳнелислерин, келешегин белгилеӯши стратегиялық сиясий ҳүжжет екенлиги менен оғада үлкен әҳмийетке ийе. Мүрәжатнаманы үлкен қызығыӯшылық пенен тыңлар екенбиз, Журтбасшымыздың ҳәр бир пикиринде Ѳзбекстан Республикасында жасаӯшы ҳәр бир пуқараның мәплерин гѳзлейтуғын, олардың турмысын, жасаӯ шараятын жақсылаӯға қаратылған жақсы басламаларын биз жүректен сезинип отырдық.

Президент   халық мәпи ушын дурыс шешими табылмай  атырған  әҳмийетли  мәселелерди тек ғана айтып ямаса тапсырмалар бериӯ менен шекленбестен, ҳәр бир  мәселениң анық шешимлерин, қалай еткенде халқымыздың турмыс шараятын буннан да жақсылаӯ жолларын анық санлар менен кѳрсетип берди.

Мәмлекетимиздиң сиясий-жәмийетлик турмысында ҳаял-қызлардың ролиниң арттырылыўы миллий ҳәм демократиялық қәдириятларды және де раўажландырыўға хызмет етеди. Ҳүрметли Президентимиздиң ҳәр бир шығып сөйлеўлериндеги аналарымызға, апа-сиңлилеримизге, жас қызларымызға болған итибары журтымызда ҳаял-қызларға болған итибардың жоқары үлгиси есапланады. Мүрәжатнамада Президентимиз  ҳаял-қызларды ҳәм жасларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуӯатлаӯды және де күшейтиӯ мәселелерине айрықша тоқтап: «2020-жыл ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы ислеримизди жаңа басқышқа көтеремиз» деген сөзлери мәмлекетимиздиң барше  ҳаял-қызлары сыяқлы бизиң Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳаял-қызларының да ҳәр бирине  шексиз қуўаныш бағышлады.

2020-жылда 5,5 мың ҳаял-қыздың киши бизнес жѳнелисиндеги жойбарларына 100 миллиард сум муғдарында  жениллетилген кредитлердиң берилетуғынлығы, буның ушын банкларға мәмлекет бюджетинен ресурс ажыратылатуғынлығы, буннан тысқары 1 мың 576 ҳаял-қызға жаңа үй-жайларға  ийе болыӯы ушын бюджет есабынан басланғыш тѳлеми тѳлеп берилетуғынлығы айрықша атап ѳтилди. Сондай-ақ, социаллық ғамхорлыққа мүтәж апа-сиңлилеримизди Ҳаял-қызлар исбилерменлик орайларында 5 әҳмийетли баслама шеңберинде қысқа оқыӯ курсларында оқытыӯ шѳлкемлестиретуғынлығы айтып ѳтилди.

Президентимиз  Шығыс данышпанларының пикирлеринен келтирип: «Ең үлкен байлық бул  – ақыл-закаӯат ҳәм илим. Ең үлкен мийрас бул  – жақсы тәрбия. Ең үлкен камбағаллық бул –  билимсизлик», – деп атап ѳтти. Мине, усындай үлкен байлыққа ийе болыӯда ҳаял-қызларымыздың имканиятын және де арттырыӯ, жоқары оқыӯ орынларында оқыйман, билим аламан, илим үйренемен деген қызларымыз ушын ѳз алдына бѳлек грантлар ажыратылыӯы, бул мәселеде Ҳаял-қызлар комитетлериниң усыныслары тийкар болатуғынлығы қызларымыз ушын үлкен жеңиллик, ал, Ҳаял-қызлар комитетиниң абрайын кѳтериӯ ушын жане бир үлкен адым есапланады. 

Ҳүрметли Президентимиздиң қызларымыздың жоқары оқыӯ орнында тәлим алыӯы ушын ѳз алдына грантлар ажыратыӯ ҳаққындағы пикирин еситип туӯрысы ѳзим ҳәм ана ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң басланғыш шѳлкеми жетекшиси сыпатында қатты қуӯандым. Себеби, қызларымыздың  тәлим-тәрбиясына үлкен итибар бериӯ, олардың ҳүрмет-иззетин орнына қойыӯ  бул әзел-әзелден ата-бабаларымыздан киятырған миллий қәдирият миллий тәрбия есапланады.  Қызларымыздың тәрбиясына айрықша итибар берилип, оқып билим алып, жоқары мағлыӯматлы болса, ертеңги күни олар келешек аналар, жоқары мағлыӯматлы болса келешекте шаңарақ қурыӯда да, ѳз перзентлерин билимли, илимли етип тәрбиялаӯда да қыйналмайды.  Шаңарақта билимли анадан тәрбия алған перзентлер ертеңги күни жәмийетимиздиң раӯажланыӯына, келешегимиздиң жарқын болыӯына ѳз үлесин қосатуғын инсанлар болып жетилисиӯине гүман жоқ. 

Президентимиздиң  Мүрәжатында келешек әӯладымыздың  бәркамал болып жетилисиӯи ушын оларды киши жасынан таярлап барыӯда мектепке шекемги системасын  және де кеңейтиӯ, кем тәмийинленген қатламның, жекке-жалғыз пуқаралардың социаллық қорғалыӯына итибар күшейтилиӯи, әсиресе, жалғыз баслы, майып аналарымызға итибар қаратылып, ғамхорлық кѳрсетиӯ  ҳәм тағы басқа да бир қатар ӯазыйпалардың  бәрше-бәршеси бүгинги  әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың қатнасыӯшысы сыпатында ҳәр биримизде жеке жуӯапкершиликти және де күшейтеди.

Халқымыз ушын ең муқаддес қәдириятлардың бири бул ҳәр бир инсанның өз шанарағына, өз үйине, халқымыз тили менен айтқанда өз ўатанына ийе болыўы.  Президентимиздиң : « Мениң ең үлкен нийетим сол, Ўатанымаз ишинде ҳәр бир инсан өзиниң «Киши ўатанына»- үй-жайына ийе болса, бизден халқымыз да, Жаратқан да разы болады» деп жан күйерлик пенен билдирген пикирлери,  «Камбағалшылықты кемейтиў» бағдарламасының ислеп шығылыўы, социаллық қыйын жағдайдағы ҳаял-қызларымыз, аналарымыз ушын жоқары ғамхорлықтың және бир үлгиси есапланады. Себеби, шаңарақтағы жетиспеўшиликтен ең әўеле ана қәлби қыйналады, кеўли қабарады. Сонлықтан да,  Президентимиз Ш.Мирзиёев: «Ҳаял-қызларға болған ҳүрмет-итибар ең әўеле шаңараққа, жәмийет келешегине болған итибар»,- деп ҳәр бир шығып сөйлеўинде тәкрар-тәкрар айтпақта. 

Журтбасшымыз көрсетип берген «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» ҳәрекетинен де ең әўеле  аналар, ҳаял-қызлармыз мәпдар. Усы орында ҳаял-қызлардың  бәнтлигин тәмийинлеў, олардың киши бизнес жойбарлары ушын жеңиллетилген кредитлердиң ажыратылыўының даўам еттирилиўи, Исбилерменлик орайларында оқытылыўы, исбилерменлик уқыбына ийе болмағанларды өнерментшиликке үйретиў ҳәм кәсипке қайта таярлаў ислери,  булардың ҳәммеси Ҳаял-қызлар комитетлери ҳәм олардың төменги буўынлары болған  орынлардағы басланғыш шөлкемлердиң алдына да үлкен ўазыйпаларды жүклейди.   

Сонлықтан да, ҳәр биримиз өзимиздиң исимиз бенен, ақыл-закаўатымыз, илим-билимимиз  бенен, мәнәўий күшимиз бенен , Президентимиз айтып өткениндей, бир тән, бир жан болып, ҳадал ҳам пәк болып жақсы нийет пенен мийнет етсек ҳәр қандай бийик шоққыны ийелеўге, басқаша айтқанда тарийхымыздың жаңа бетлерин жаратыўға қәдирмиз.

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасында билдирилген ҳәр бир идея, ҳәр бир пикир, ҳәр бир усыныс, ҳәр бир баслама бизиң алдымызға үлкен ўазыйпаларды белгилеп берди. Бәрше халқымыз сыяқлы бизиң Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ҳәр бир ҳаял-қызы Жаңа Өзбекстанымыздың еле де өсип-раўажланыўы, гүллеп-жаснаўы жолында өзлериниң бар билимин, күш-жигерин жумсайды.    

Инжайым Сейтназарова,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик

университети доценти, филология илимлериниң кандидаты,

 Университет  Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң баслығы,

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы.

Пайдалы дереклер