#Дағаза  ҚОҢСЫ МӘМЛЕКЕТЛЕРДЕГИ ЖОҚАРЫ ОҚЫЎ ОРЫНЛАРЫНАН СТУДЕНТЛЕР ОҚЫЎЫН КӨШИРИЎ БОЙЫНША АРЗАЛАР ҚАБЫЛЛАНБАҚТА

 Қоңсы мәмлекетлердеги жоқары оқыў орынларында оқып атырған Өзбекстан Республикасы пуқараларынан олардың оқыўын көшириў бойынша арзалар қабыл етилмекте.

 ❗️Арзалар 2020-жылдың 7-февральдан 15-февраль сәнесине шекем (сол күнниң өзинде де) ҳәр күни саат 9:00 ден 17:00 ге шекем қабылланады ҳәм сәўбетлесиўлер өткериледи.

 Оқыўды көшириў бойынша арзалар төмендеги талапларға тийкар қабылланады:

✔️ пуқараның турақлы жасаў мәнзили (жоқары оқыў орнының  сыйымлылығы яки аймақтағы жоқары оқыў орынларында тийисли тараў бойынша бакалавриат тәлим бағдарлары болмаған жағдайларда басқа ўәлаяттағы жоқары оқыў орнына усыныс етилиўи мүмкин);

✔️ студент оқып атырған бакалавриат тәлим бағдарының оқыўы көширилип атырған бакалавриат тәлим бағдарына сәйкеслиги (бундай бағдар болмаған жағдайда түрлес екенлиги);

✔️ сырт елде студент оқып атырған бакалавриат тәлим бағдарларының айырмашлықларын инабатқа алған ҳалда оларды тийкарынан сыртқы ҳәм кешки тәлим түрлерине усыныс етиў;

✔️ студентлер оқыўын көшириўде Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларының бар имканиятлары (материаллық-техникалық база, яғный сменалы коэффициенти, профессор-оқытыўшылар менен тәмийинленгенлик дәрежеси ҳам басқалар) инабатқа алынады.

 Пуқаралардан Аймақлық исши топарларға төмендегише ҳүжжетлерди усыныў талап етиледи:

 арза (орнында толтырылады);

 ✅ рейтинг дәптершеси яки академиялық мағлыўматнама (транскрипт) нусқасы;

 ✅ паспорт нусқасы.

 Сырт ел жоқары оқыў орынларынан студентлер оқыўын республика жоқары оқыў орынларына көшириў төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.

 ? Қарақалпақстан Республикасы бойынша Аймақлық исши топар Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайы 2-этажында жайласқан.

 ? Мағлыўмат ушын телефонлар:

 61-223-60-51

61-223-59-30

Пайдалы дереклер