Қоңсы мәмлекетлердеги жоқары оқыў орынларында оқып атырған Өзбекстан Республикасы пуқараларынан олардың оқыўын көшириў бойынша арзалар қабыл етилмекте.
❗️Арзалар 2020-жылдың 7-февральдан 15-февраль сәнесине шекем (сол күнниң өзинде де) ҳәр күни саат 9:00 ден 17:00 ге шекем қабылланады ҳәм сәўбетлесиўлер өткериледи.
Оқыўды көшириў бойынша арзалар төмендеги талапларға тийкар қабылланады:
✔️ пуқараның турақлы жасаў мәнзили (жоқары оқыў орнының сыйымлылығы яки аймақтағы жоқары оқыў орынларында тийисли тараў бойынша бакалавриат тәлим бағдарлары болмаған жағдайларда басқа ўәлаяттағы жоқары оқыў орнына усыныс етилиўи мүмкин);
✔️ студент оқып атырған бакалавриат тәлим бағдарының оқыўы көширилип атырған бакалавриат тәлим бағдарына сәйкеслиги (бундай бағдар болмаған жағдайда түрлес екенлиги);
✔️ сырт елде студент оқып атырған бакалавриат тәлим бағдарларының айырмашлықларын инабатқа алған ҳалда оларды тийкарынан сыртқы ҳәм кешки тәлим түрлерине усыныс етиў;
✔️ студентлер оқыўын көшириўде Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларының бар имканиятлары (материаллық-техникалық база, яғный сменалы коэффициенти, профессор-оқытыўшылар менен тәмийинленгенлик дәрежеси ҳам басқалар) инабатқа алынады.
Пуқаралардан Аймақлық исши топарларға төмендегише ҳүжжетлерди усыныў талап етиледи:
✅арза (орнында толтырылады);
✅ рейтинг дәптершеси яки академиялық мағлыўматнама (транскрипт) нусқасы;
✅ паспорт нусқасы.
Сырт ел жоқары оқыў орынларынан студентлер оқыўын республика жоқары оқыў орынларына көшириў төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.
? Қарақалпақстан Республикасы бойынша Аймақлық исши топар Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайы 2-этажында жайласқан.
? Мағлыўмат ушын телефонлар:
61-223-60-51
61-223-59-30