Конституциямызда белгиленген нормалар, «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызам, Кадрлар таярлаў миллий бағдарламасы ҳәм де Өзбекстан Республикаси Президенти, Министрлер Кабинети тәрепинен қабыл етилген норматив ҳүжжетлер бул тараўда беккем ҳуқықый тийкар болмақта. Лекин, бүгинги тез пәтлер менен өзгерип атырған заманға, жәҳән базарындағы кескин бәсеки ҳәм жоқары маман кадрларға болған талаптыӊ артып баратырганлығы бул тараўды реформалаўға алып келмекте.
Тийисли министрлик ҳәм мәкемелердиӊ қәнигелери ҳәм экспертлеринен ибарат исши топар тәрепинен ислеп шығылған «Билимлендириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамыныӊ жаӊа редакциядағы жойбары жәмийетшилик тәрепинен кеӊ түрде талқыланбақта.
Усы жылдыӊ 6-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де жаӊа редакциядағы нызам жойбары талқыланды.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары М.Жуманов басқарып барды. Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасыныӊ Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт комитетиниӊ ағзасы, ӨзЛиДеП партиясынан депутат М.Ибрагимов, ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов, академик Ж.Базарбаев ҳәм басқалар сөзге шығып, бүгинги күнде мәмлекетимизде тәлим-тәрбия системасын реформалаўға айрықша итибар каратылып атырғанлығын, перзентлеримиздиӊ жәҳән стандартлары дәрежесинде заманагөй билим ҳәм кәсип ийелеўи, физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик инсанлар болып жетилисиўи, олардыӊ қәбилетлерин, интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыў, жас әўлад қәлбинде Ўатанға садықлық ҳәм пидайылық сезимлерин жетилистириў бағдарында нәтийжели жумыслардыӊ әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
Илажға қатнасқан Қарақалпақстан Республикасындағы барлық жоқары оқыў орынлары ректорлары ҳәм басшы-хызметкерлери, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими ўәкиллери, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри орынбасарлары, районлық халық билимлендириў бөлиминиӊ баслықлары, мектеп директорлары, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигинен ўәкиллер, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Дене тәрбия ҳәм спорт министрлигинен жуўапкер хызметкерлер, алымлар, профессор-оқытыўшылар илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт тараўларындағы машқалалар ҳәм нызам жойбары бойынша өзлериниӊ пикир ҳәм усынысларын билдирди.
ҚМУ Баспасөз хызмети.
