“NUKUS CITY”ДИҢ ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ МЕНЕН ТАНЫСТЫ

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 20-апрельдеги “Жоқары билимлендириў системасын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-2909-санлы, 2017-жыл 27-июльдағы “Жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаў сапасын арттырыўда экономика тараўлары ҳәм тармақларының қатнасыўын және де кеңейтириў илажлары ҳаққында”ғы  ПҚ-4391-санлы қарарлары ҳәм де 2019-жыл 8-октябрьдеги “Ѳзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында” ғы ПФ-5847-санлы Пәрманында бир қатар ўазыйпа ҳәм тапсырмаларды әмелге асырыў белгилеп берилген.

Президентимиз тәрепинен белгиленген ўазыйпаларды орынлаў ҳәм де билимлендириўди тиккелей ѳндирис пенен байланыстырыў мақсетинде университетимиздиң “Қала қурылысы ҳәм хожалығы” бағдарының 4-курс студентлери кафедра баслығы А.Ильясов басшылығында “Үй-жай қурылыс” ЖШЖ кәрханасы тәрепинен пайтахтымызда қурылып атырған “Nukus City”диң қурылыс жумыслары менен танысты. 

Рашид Бекмурзаев,

Архитектура факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер