КЕҢ ТҮРДЕ ТҮСИНИКЛЕР БЕРИЛДИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-январдағы         ПП-5635-санлы пәрманына муўапық, Өзбекстан Республикасында «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети шөлкемлестирилди. 2019-жылдың апрель айнанан баслап мине, усы ҳәрекеттиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими өз жумысын алып бармақта.

«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң тийкарғы ўазыйпалары – биринши гезекте, халық ҳәм бизнес жәмийетшилиги менен ашық пикирлесиўди жолға қойыў, жәмийетшилик қадағалаўдың нәтийжели системасын жетилистириў, сондай-ақ, режелестирилген, мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реформаларды әмелге асырыўға көмеклесиў мақсетинде пуқаралар, шет елде жасап атырған ўатанласларымыз ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди  ықтыярлы түрде бирлестириўден ибарат. 

Соның менен бирге, режелестирилген, Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реформаларды әмелге асырыў процессинде Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси палаталары ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслеринде додалаўда белсенди қатнасады. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрацияси ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине анализленген мәлимлемелер менен усыныслары киргизип барады. 

Усы ҳәрекеттиң ўазыйпалары, атқаратуғын хызметлери бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде илаж шөлкемлестирилди.

Оны университеттиң Оқыў ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев басқарып барды.

Илажда «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң бас қәнигеси Шарапатдин Уснатдинов университет студент-жасларына ҳәрекеттиң ўазыйпалары, исленип атырған жумыслары жөнинде кең түрде түсиниклер берип өтти.

Илаж соңында жыйналғанларға видео-ролик қойып берилди.

С.Мираметов.

Пайдалы дереклер