Санаат технологиясы факультетинде профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, АИВ ҳәм АИЖС кеселлиги хаққында ҳәм де министрликтиң 2020-жыл 31-январь күнги «Коронавирус инфекциясының келип шығыўы, олардың тарқалыўы факторлары, алдын алыўға қаратылған илажлар ҳәм емлеў жумысларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы хатында белгиленген тапсырмаларды профессор оқытыўшылар ҳәм студент жасларға түсиндириў мақсетинде медицина хызметкерлери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыўды факультет деканы Р.Қурбаниязов ашты ҳәм алып барды. Ол мәжлис қатнасыўшыларына тараў уйымларынан келген мийманлар ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер менен таныстырды.
Республикалық АИЖС кесселигине қарсы гүресиў орайының шыпакери А.Жанибекова жаслар арасында АИВ ҳәм АИЖС кеселлиги, ҳәм зиянлы ақыбетлери хаққында ҳәм де бул кеселликлердиӊ адамларға жуғыў жолларын ҳәм өзине жуқтырмаў жолларын айтып, көплеген мағлыўматлар берди ҳәм презентатция материаллары арқалы көплеген мағлыўматлар көрсетилди.
Буннан соӊ республикалық өспиримлер диспансери шыпакери А.Ерполатова сөзге шығып, коронавирус инфекциясының келип шығыўы, олардың тарқалыўы факторлары, алдын алыўға қаратылған илажлар хаққында жыйналыс қатнасыўшыларына түсиндирди.
Соӊынан ҚМУ мийирбийкелери Г.Досжанова, Д.Өтениязовалар сөзге шығып, жыйналғанларға жеке гегиена хаққында мағлыўматлар берди.
Баянатлардан соң студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.
Ш.Мусиров,
Факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.
