ТАРИЙХ ФАКУЛЬТЕТИНДЕ ЖУМЫС БЕРИЎШИЛЕР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тарийх факультетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июльдағы  «Жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаў сапасын арттырыўда экономика тараўлары ҳәм тармақларының қатнасын және де кеңейттириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3151-санлы қарарында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша илаж шөлкемлестирилди.

Мәжлисти факультет деканы С.Сулайманов ашты ҳәм алып барды. Мәжлиске ӨзРИАҚҚБ Гуманитар пәнлер илим-изертлеӯ институты археология бөлими баслығы Ғ.Хожаниязов, ӨзРИАҚҚБ Гуманитар пәнлер илим-изертлеў институты илимий хаткери М.Даўлетияров, Қарақалпақстан Республикасы архив ислерин басқарыӯ жетекши қәнигеси С.Оразов, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле кеңесиниң баслығы орынбасары А.Пиримбетов, Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириӯ министрлиги Гуманитар пәнлер бойынша методисти Д.Яхияева, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы көркем өнери музейиниң археология бөлими жетекши қәнигеси А.Ембергенова, факультет кафедра баслықлары ҳәм питкериӯши студент-жаслар қатнасты.

Онда тийкарынан  ЖОО, буйыртпашылар менен биргеликте кадрлар таярлаўдың мазмуны, питкериўшилердиң билим ҳәм көнликпелерине қойылатуғын талапларды белгилеўши бакалавр бағдарларын ҳәм қәнигеликлерин (маманлық), оқыў режелери ҳәм бағдарламаларын тараў талабынан келип шыққан ҳалда ислеп шығыў мәселеси, өндирислик кәрханалар ҳәм мәкемелердиң қәниге таярлаў сапасына болған талапларын, тәлим бериўдиң мазмунын қәлиплестириў менен шуғулланыўшы ЖОО профиль кафедраларының профессор-оқытыўшылары тәрепинен системалы үйренилип барылыўын тәмийинлеў мақсетинде стажировкаларды жолға қойыў, раўажланған шет ел мәмлекетлериниң ең алдынғы тәжирийбесин терең үйренген ҳалда оқыў режелери ҳәм пәнниң бағдарламалары, оқыў әдебиятлары, соның ишинде оқыў-методикалық комплекслердиң халықаралық стандартлар тийкарында заманаға сай талаплар тийкарында ислеп шығыў белгилеп алынды.

Сондай-ақ, басқышпа-басқыш ислеп шығылыўын шөлкемлестириў, тийисли тармақ (тараў) ҳәм де аймақлардың бүгинги ҳәм ертеңги раўажланыў бағдарламаларынан есапқа алған ҳалда, жоқары мағлыўматлы кадрларға болған талапты жыллар кесиминде анық мәнзилли, тәлим бағдарлары ҳәм де қәнигеликлерди көрсеткен ҳалда, анық баланс беретуғын есап-китаплар тийкарында ислеп шығыў, ЖООның тийисли тәлим бағдарлары бойынша ҳәр бир студенттиң 2-курстан баслап тийисли тармақ (тараў)дың анық шөлкемлери ҳәм кәрханаларында қәнигелик практикаларын системалы түрде өткерилиўин, сондай-ақ, олардың әмелий шынығыўларын өндиристе (кәрханаларда) шөлкемлестириў ҳәм де питкериўшилерди жумысқа жайластырыў бойынша анық ис-иләжлар белгилеп алынды.

Бүгинги күнде университеттиң Тарийх факультетиниң күндизги бѳлиминде 7 бакалавр бағдары бойынша 517 студент, сыртқы бѳлиминде 2 бакалавр бағдары бойынша 78 студент, ал, 2-қәнигеликте болса 1 бағдар бойынша 17 студент тәлим алмақта. Жәми 612 студент тәлим алмақта.

2019/2020-оқыў жылында Тарийх факультети 65 студент питкерип шығатуғын болса, усы оқыў жылындағы оқыўға қабылланып тәлим алып атырған студентлер саны 367 ны қурады (2-кәнигелик ҳәм сыртқы бѳлим менен есаплағанда). Бул кѳрсеткиш Тарийх факультетинде қабыллаў кѳрсеткишлери 2017-жылдан берли 5 есеге шекем кѳбейгенинен дерек береди.

Сондай-ақ, 4 жыл даўамында оқыў ушын белгиленген
204 ҳәптениң 18 ҳәптеси 2017-жылда ѳндирислик-практикаға ажыратылған болса, бул кѳрсеткиш буниги күнде 30 ҳәптеге шекем кѳбейтилди.

И.Елмуратов,

Тарийх факультетиниң Жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары.

 

Пайдалы дереклер