Ҳәзирги ўақытта көпшилик социаллық тармақларда бәсеки келтирип шығарып атырған мәселелердиң бири – жоқары оқыў орынларында оқып атырған студентлердиң төлемли-контракт муғдарлары. Яғный, төлемли-контракт муғдарларының 2019-2020-оқыў жылының екинши ярымы ушын көбейгенлиги буның тийкарғы себеби болмақта.
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2019-жыл 5-сентябрь күнги №87-03-3321 санлы хаты тийкарында төлемли-контракт муғдарлары белгилеп берилген. Бунда бакалавр бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери ушын белгиленген муғдарлар мийнетке ис ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарына еселенген ҳалда есапланыўы белгиленген. Және де, төлемли-контракттың стипендиясыз түри базалық стипендияны 12 айға көбейтип, белгиленген контракт төлеминиң тийкарғы муғдарынан қайтарып есаплаў арқалы әмелге асырылатуғын болды. Ал, базалык стипендия 2019-жыл 1-сентябрьден 400 000 сум, 2020-жылдың 1-февралынан 428 000 сум етип белгиленди.
Сондай-ақ, оқыў жылы даўамында мийнетке ис ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарлары өзгерген жағдайда төлемли-контракт муғдарлары да сәйкес түрде өзгериўи ҳәм оқыў жылының 2-ярымы ушын белгилениўи көрсетилген. Мәселен, филология ҳәм тилерди оқытыў: қарақалпақ тили бакалавр бағдары ушын мийнетке ис ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 634 880 ди 18 есеге көбейтип 11 427 840 сум белгиленди. Төлемли-контракттың стипендиясыз түри
11 427 840 – 4 800 000 =6 627 840. Усы сумманың 50 %и оқыў жылының 1-ярымы ушын 3 313 920 сумды курады. Енди 2020-жыл 1-февральдан баслап мийнетке ис ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 679 330 етип белгиленгенлиги ушын, оқыў жылының 2-ярымы 679 330 ды 18 есеге көбейтип 2 ге бөлинди ҳәм төлемли-контракт түриниң стипедиясыз муғдары базалық стипендия 428000 етип белгиленгенлиги ушын 6 айға көбейтилип, 2-ярым ушын белгиленген муғдардан қайтарып есапланды (679 330*18=12 227 940/2=6113970-428000*6=3 545 970).
Басқа бакалавр тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери ушын белгиленген муғдарлар төмендеги таблицаға келтирилген. Бул муғдарларды жоқорыдағы келтирилген мысалға сәйкес есаплаў усыныс етиледи.
ҚМУ Баспасөз хызмети.
[pdf-embedder url=»https://old.karsu.uz/wp-content/uploads/2020/02/контракт_2019_2020_окыу_жылы_реже-страницы…..pdf»]