Алдын хабар бергенимиздей, бүгин Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында «Жыл студенти-2019» республикалық таңлаўының жеңимпазларын салтанатлы сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Илаж районлық мәденият сарайында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.
Оны Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң мәлимлеме технологиялары ҳәм жаслар бойынша орынбасары Ю.Абсоатов ашып берди. – Сыйлықлаў мәресиминиң Мойнақ районында өткерилиўинде үлкен мәни бар. Жол бойы қарақалпақ халқының миллий мийраслары, естеликлери ҳәм мәденияты бойынша көплеген мағлыўматларға ийе болдым. Әсиресе, халық қосығына айланған «Айдынлар» қосығы менде өзгеше тәсирлер қалдырды,-дейди Ю.Абсоатов.
Буннан соң, таңлаўдың барлық жеңимпазларына «Жыл студенти-2019» статуэткасы, диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Сыйлықлаў мәресимине министрликтиң руўхый-әдеп-икрамлық тәрбия басқармасы баслығы О.Базаров, министрликтиң руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының директоры О.Худайназаров, район ҳәкимлиги басшылары, республикамыздағы барлық ЖОО ректорлары қатнасты.
Сондай-ақ, Қарақалпақстандағы барлық ЖОО ректорлары тәрепинен Мойнақ районы мектеп оқыўшылары ушын китаплар саўға етилди.
Буннан соң, барлық илаж қатнасыўшылары райондағы «Future Muynak» IT орайына барып, орайда жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Күнниң екинши ярымында илаж қатнасыўшылары «Корабльлер қойымшылығы»на ҳәм қаланың дыққатқа ылайық орынларына саяхат етти.
Мәмлекетимиздиң ең алыс аймақларынан болған Мойнақ районында өткерилген илаж бәршеде өзгеше тәсирлер қалдырды.
ҚМУ Баспасөз хызмети.
