Жақында Нөкис қаласы қәнигелестирилген Олимпия резервлери мектеп-интернаты спорт залында футзал бойынша XV Қарақалпақстан Чемпионатының (Жоқарғы лига) жуўмақлаўшы 14-тур ойынлары ҳәм де Қарақалпақстан бириншилигиниң (1-лига) финал ойынлары болып өтти.
Қарақалпақстан бириншилигиниң жеңимпаз командалары (1-лига).
1-орын: «РШИФ-87» командасы.
2-орын: «Қумбыз-Хожели» командасы.
3-орын: «Шахтемир» командасы.
XV Қарақалпақстан Чемпионатының жеңимпаз командалары (Жоқарғы лига).
1-орын: «ҚМУ» командасы.
2-орын: «Орайлық Банк» командасы.
3-орын: «НМПИ» командасы.
Футзал бойынша XV Қарақалпақстан Чемпионаты ҳәм Қарақалпақстан бириншилигиниң жеңимпаз командаларын ҳәм ағзаларын, соның менен бирге, номинация жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Футбол Федерациясының Биринши вице-президенти И.Ибрагимов сөзге шығып, барлық жеңимпаз командаларды қутлықлады ҳәм де Қарақалпақстан Мини-футбол ассоциациясы тәрепинен таярланған кубок, баҳалы саўғалар менен жеңимпаз командаларды сыйлықлады ҳәм команда ағзаларын медаль, дипломлар менен сыйлықлады.
Н.Джанходжаев,
Дене мәденияты факультети Жаслар менен
ислесиў бойынша декан орынбасары.
