Ҳәзирги Қоӊырат районы аймағында буннан еки ярым мың жыл бурын қалалар, қорғанлар, илим, билим, мәденият орайларына тийкар салынған. Сондай-ақ, Қоңырат районы республикамызда территориясы ҳәм тарийхый естеликлери жағынан ең үлкен районлардан болып есапланады.
Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи директоры А.Қудияров музей хызметкери А.Алимбетов, Тарийх факультети 4-курс студенти Ғ.Каримовлар Қоӊырат районында гезектеги илимий сапарға барып қайтты.
Саяхат даўамында Қоӊырат районы З.-М.Бабур көшеси турғыны Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, жазыўшы Өмирбай Ембергенов пенен сәўбетлесип, Қоӊырат районы аймағынан репрессияға ушыраған тарийхый шахслар ҳаққында мағлыўматлар жазып алынды ҳәм оныӊ үй архивинен 1937-жыл репрессияға ушыраған айырым шахслардыӊ ҳүжжетлери музей фондына алынды. Буннан басқа Қарақалпақстанда 1933-жылы комплексли илимий-изертлеў институты профессор А.А.Соколовтың басшылығында этнографиялық-лингвистикалық экспедициясына қатнасқан, соӊ 1937-жылы «Халық душпаны» деген айып тағып қамаққа алынған. Магадан жерлерине мийнетти дүзетиў лагерине жиберилген О.Қосекеевтыӊ баласы ҳәм кызы Қоӊырат районы Х. Бекниязов көшеси турғынлары Полат Қосеккев, Света Қосекеевалардыӊ шаӊарағында болып, оныӊ фото ҳәм ҳүжжетлериниӊ айрымлары музейге экспонат ретинде алынды. Сондай-ақ, сапар ўақтында 1929-жылы 17-декабрьде Ханжап бойындағы майданда ГПУ хызметкерлери тәрепинен 18 азаматтыӊ судланбай атып таслап, шала өлгенлери де тирилей көмилген орнынға зиярат етилип, бул орында соӊғы дәўирде орнатылған естеликтиӊ көриниси сүўретке алынды.
Және де Қоӊырат районындағы пахта завод директоры болып ислеген 1985-жылы «Пахта иси» бойынша иркиўге алынған Қудайназаров Лепесбайдыӊ шаӊарағында болып, оныӊда жумыс бабында пайдаланылған затлары, сүўретлери, сол ўақытларға тийисли айырым ҳүжжетлер музей фонды ушын алынды ҳәм оныӊ өмирлик жолдасынан сол дәўирдеги көрген қыйыншылықлары жазып алынды.
Саяхат даўамында алынған затлар, тарийхый китаплар ҳәм фото ҳүжжетлер музей фондын байытыў менен бирге келешекте музейде студентлер, магистрантлар ҳәм жас илимий хызметкерлер ушын илимий дерек ретинде пайдаланыўда үлкен әҳмийетке ийе илимий дерек болып хызмет етеди деген үмиттемиз.
А.Алимбетов,
Музей хызметкери.
