Мәўсимлер маликасы – бәҳәр паслының кирип келиўи гөззаллық, садықлық, опадарлық, жақсылық жаратыўшысы, өзбек ҳаялының тымсалына айланған Зульфия Исраилованың туўылған күни менен кирип келеди. Усы мүнәсибет пенен барлық оқыў орынларында түрли ушырасыўлар, сәубетлесиў кешелери өткерилип келинеди.
Усындай илажлардың бири бизиң университетимизде де «Зульфия избасарлары» атамасында сәўбетлесиў кешеси болып өтти. Онда университеттиң Ҳаял-қызлар шөлкеми баслығы И.Сейтназарова, факультет Ҳаял-қызлар шөлкеми баслықлары, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары ҳәм студент-қызлар қатнасты.
Ушырасыўды университеттиң Ҳаял-қызлар шөлкеми баслығы И.Сейтназарова ашып берди ҳәм алып барды.
Ушырасыўда түрли тараўларда Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлығын қолға киргизген Зульфияшы қызлар шығып сөйлеп, бүгинги күнде ислеп атырған жумыслары, жәмийеттеги белсендилиги, сыйлықка ерискеннен кейинги дөретиўшилиги ҳаққында айтып өтти. 2005-жылы көркем-өнер тараўы бойынша усы сыйлықты қолға киргизген Г.Ахымбетованың атқарған «Қарақалпақта» қосығы бәршеге бирдей жоқары кейпият бағышлады.
– «Бүгинги ушырасыўдан өзиме жүдә үлкен мотивация алдым. Бул қызлардың сыйлықты аламан дегенге шекем ерискен жетискенликлери өз алдына, ал, сыйлықты қолға киргизгеннен кейинги табысларын еситип ҳайран қалдым. Мәмлекетимиздиң билдирген исенимин билдирилгенинен де артық етип ақлап атырғанлығы ҳәр бир қызды усындай жуўапкершиликли болыўға, тынымсыз өз үстинде ислеўине ийтермелейди. Менде келешекте усындай Зульфия апамыздың мүнәсип даўамшылары болыўды нийет етип, алдыма үлкен мақсет қойып алдым ҳәм бул жолда тынымсыз изленисте боламан»,-дейди ушырасыў қатнасыўшысы Д.Бегдуллаева.
Ушырасыўда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Гөззал Жалгасова,
Санаат технологиясы факультети студенти.
