Аҳўалың калай әмелиятшы?

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети филология ҳәм тиллерди оқытыў: қарақалпақ филологиясы бакалавр тәлим бағдарының 4-курс студентлери усы жылдың 1-февраль сәнесинен баслап 8 ҳәпте даўамында тийисли оқыў орынларында педагогикалық әмелиятын өтеў ушын жиберилген еди.

Усы оқыў жылының өзинде филология факультети питкериўшилери саны 79 студентти қурайды. Ҳәзирги ўақытта бул студентлер әмелиятларын 6 оқыў орнында тәжирийбели устазлар менен биргеликте әмелге асырмақта. Биз әмелиятшылардың алып барып атырған жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде ҚМУ жанындағы академиялық лицей ҳәм Нөкис қалалық ХБМҚМТШ бөлимине қараслы 17-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде студентлер менен бирге болдық.

ҚМУ жанындағы академиялық лицейде жәми 18 әмелиятшы студент бар. Оларға әмелият басшысы етип тәжирийбели устазлардан Қ.Юсупов, А.Қазақбаева, Ө.Әлеўовлар бекитилген.

Лицей менен танысыў

Әмелиятшылар лицейде әмелият басланыўының биринши күнинде оқыў орнының ис режеси, лицей сабақлықларының өзгешеликлери, сабақ исленбелери, белгиленген норматив ҳүжжетлер ҳәм оқыўшылардың сабаққа қызығыўшылшығы менен жақыннан танысты.

Лицейдеги тәжирийбели педагоглардың ҳәр бир сабағына қызығыўшылық пенен қатнасқан әмелиятшы студентлер тәжирийбе топлап, өзлери де оқыўшыларға сабақ өтиўге қызығып, устазлық кәсибиниң қаншелли машақатлы екенлигин билип атыр.

Ҳәр күни азанда

Биз алдын ҳәр күни университетке асығып оқыўға келетуғын болсақ, енди ҳәр күни өзлеримизди жумысқа асығып киятырғандай сезинемиз. Алдын оқыўда сабақлардан үйге берилген тапсырмаларды орынлай алмай қалатуғын күнлеримиз де болған болса, енди ҳәр күни оқыўшыларға сабақ өтиўге таярланамыз, изленемиз, – дейди әмелиятшы 4-курс студенти Д.Өтебаева.

Устаз дегенде…

Мине, әмелиятымыздың бир бөлими де өтти. Бул аз ғана ўақыт ишинде үйренип, изленип ҳәм билгенлеримизди оқыўшылар менен бөлисип атырмыз.

Ҳәр күни оқыўшылар «Ассалаўма әлейкум устаз» – деген ўақытта студент екенимизди умытып, өзлеримизди устазлар қатарында сеземиз. Бирақ еле бул дәрежеге ерисиў ушын көп оқыўымыз, үйрениўимиз кереклигин билип атырмыз, – дейди әмелиятшы Б.Жолдасбаев.

Сораўларға жуўаплар…

Биз әмелиятымыздың бир бөлимин танысыў ҳәм педагогикалық ҳүжжетлер менен ислесиўди устазларымыздан үйрендик.

Енди устазларымыздан алған билим көнликпелерин қолланатуғын ўақтымыз да жетип келди. Әмелият орнымыздың оқыўшылары абитурентлер болғанлығы ушын жоқары оқыў орынларына кириў ушын арнаўлы пән таярлықларына күшли итибар қаратылған. Сонлықтан болса керек, биз сабақ өткен ўақтымызда бизге берилетуғын сораўлар да әпиўайылықтан жырақ. Оқыўшылар тәрепинен қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен берилетуғын сораўлар бизлерди сәл ойландырып, еле де өзлеримиздиң үстимизде излениўге, талапшаң итибарлы болыўға басламақта, – дейди Н.Хожаназарова.

Заманагөй әмелиятшылар…

Далиева Перигүл – ҚМУ жанындағы академиялық лицейиниң қаракалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы. Ҳәр жыл сайын университеттиң қарақалпақ филологиясы факультетинен бир топар әмелиятшылар усы жерде әмелиятта болады. Ал, өткен жылларда әмелиятшылар усы  жерде өз жумысын да баслаған. «Устаздан өтпеген шәкирт – шәкирт емес» дегениндей, бүгинги күн әмелиятшылары өз үстинде излениўшең ҳәм талапшаң.

Ҳәзирги әмелиятшылар заманагөй технологиялардан жақсы хабардар, ҳәр бири жаслар менен дослық қатнаста болады. Айырым ўақытларда өзлеримиз де, әмелиятшылардан  көп нәрселерди үйренип қаламыз. Әмелиятшылардың ең унамлы тәрепи олар бир-биринен қәте-кемшиликлерин жасырмастан ортаға таслайды. Кемшиликлерин толықтырыўға ҳәрекет етеди. Жаңа темаларды мултимедиа тийкарында, оқыўшылардың ядында қалатуғындай етип өтиўге ҳәрекет етсе, айрымлары қарақалпақ тилиндеги қағыйдаларды оқыўшыларға тез түсиндириўи менен айрықшаланып турады.

Кемшиликлер де болады, бирақ еле булар әмелиятшы, ал, усындай әмелият ўақтындағы кемшиликлер болса, ҳақыйқый педагог болғанында қайталанбаўына үлкен мектеп болады.

Жақын күнлер ишинде студентликтиң алтын дәўирин жуўмақлап, ҳақыйқый өмирге қәдем таслаў алдында турған бул әмелиятшыларға келешекте өз кәсибиңиздиң жетик қәнигеси болыўына тилеклеслик билдиремиз.

Биз темадан алысламаған ҳалда Нөкис каласындағы ХБМХМТ бөлиминиң 17-санлы улыўма билим бериў мектебине қарай жол алдық.

Мектептеги әмелият…

Жоқарыда аты атап өтилген мектепке де келдик. Бул жерге жәми 16 әмелиятшы бекитилген. Әмелият басшыларынан А.Досымбетова ҳәм В.Мәмбетярова әмелиятшылардың жумысларын қадағалап барады.

Оқыўшылық дәўиринде ең көп сораўлар берилетуғын орын – бул мектеп. Жас өспирим оқыўшылар менен ислесиў аңсат болмайды. Олардың ядлаў қәбилети де күшли, соның ушын ҳәр бир айтылған гәпти дурыс қолланыў керек болады.

Келиң, сизлерди жақсысы әмелиятшылардың пикирлери менен таныстырсам.

Мен әмелиятымыздың мектепте болғанлығынан қуўанышлыман. Мектеп оқыўшылары менен өткерип атырған ўақтымыз мени устазлық кәсибине болған қызығыўшылығымды және бир рет беккемледи, – дейди Ж.Айтмуратов.

Үйге тапсырма

Мен 5-класс оқыўшыларына үйге тапсырмаға шынығыўлар берип күнниң ертеңине сол класс оқыўшылары үйге тапсырмаға толық таярланып келеди. Ал, мен кластағы 5 оқыўшыдан үйге тапсырма сорасам, көпшилиги өкпелеп қалады. Мектепте ўақыт аз болғанлығы себепли, ҳәмме оқыўшылардан сорап үлгериў қыйын. Бирақ, оқыўшылардың мийнетин ҳәм сабаққа таярланып келгенин анықлаўдың жолларын таўып әмелге асырмақтамыз, – дейди Г.Хангелдиева.

Устазларымыздан алған билимлеримизди қолланып ҳақыйқый ўақыттан дурыс пайдаланыўға ҳәрекет етип атырмыз. Мектеп оқыўшылары жүдә қызығыўшы, ҳәтте үйге берилген тапсырмаларды қоңыраў ўақтында орынлап, көрсетиўге ҳәрекет етеди. Бизлердиң мектепте өткен ҳәр күнимиз мазмунлы өтип атыр – дейди Н.Қалықныязова.

П.Аймурзаева – 17-санлы улыўма билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими: – Бир неше хәптеден бери әмелиятшылар менен бирге ислесип атырмыз. Оларға оқыўшылар менен қалай ислесиў ҳәм сабақ ўақтын қалай  бөлистириўди қолымыздан келгенинше үйретип атырмыз. Келешекте бул әмелиятшылардан тәжирийбели педагоглар шығады деген үмиттемиз.

Солай етип еки оқыў орнында даәмелиятшылар тәжирийбели устазлар көмегинде әмелиятларын даўам етпекте. Дүньяда кәсиплер ишинде устазлық кәсиби – ең машақатлы кәсип.

С.Зияев,

 Журналистика қәнигелигиниң студенти.

  

Пайдалы дереклер