Муҳаббат ҳәм опадарлық тымсалы

Жаңаланыў ҳәм жасарыў пасылы болған бәҳәр көп ғана байрамлар менен бирге кирип келмекте.

Университетимиз Мәлимлеме-ресурс орайында шөлкемлестирилген «Китапқумарлар» клубы ағзалары республикалық мәлимлеме-китапхана орайына барып, «Муҳаббат ҳәм опадарлық тымсалы» атамасында Зульфия Исроилованың 105 жыллығына арналған әдебий кеше шөлкемлестирди.

Кешеде 2019-жылғы Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси Сапура Қайыпназарова ҳәм И.Юсупов атындағы мектеп-интернаты оқыўшылары мийманда болды.

«Китарқумарлар» клубы белсенди ағзалары жыйналған мийманларға Зульфия шайырдың өмири, мийнет жолы ҳаққында сахналық көринислер қойып берди.

Студент-жаслар шайырдың бәҳәр, муҳаббат, сағыныш ҳәм опаны жырлаўшы  қосықларынан көркемлеп оқып, илажға өзгеше сән берди.

Сондай-ақ, кеше даўамында Зульфия сыйлығы лауреаты хәм соның менен бирге «Жыл студенти-2019» болыўдай қос табысқа ерискен Сапура Қайыпназарова менен кеўил кеширмелери ҳәм бул табысларға ерисиў жолындағы мийнетлери хаққында сораў-жуўаплар болды.

Даўлетбийке Жиенбаева,

Шет тиллери факультети 1-курс студенти.

Пайдалы дереклер