Халқымызда «Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек» деген әжайып сөз бар. Буны биз дерлик ҳәр күни еситемиз. Гейде жанымыздағы досларымызға да айтып қоямыз. Бирақ, өзиңизге сораў берип көрдиңиз бе? Соңғы мәрте қашан, кимге саўап ис қылдыңыз? Еситкен рахметлериңизди еслей аласыз ба? Саўап ислер тек мүтәжлерге жәрдем берип қоймастан, саўап ис қылған инсанның кеўил-кейпиятын да көтереди. Және де, қайырлы ислерге қол урыўға ийтермелейди.
Университетимиз жаслары тәрепинен және бир қайырлы иске қол урылды. Олар бир неше жыллардан берли түрли аўыр кеселликлер менен гүресип киятырған жас балалар, кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақ перзентлерине материаллық жәрдем көрсетиў мақсетинде акция шөлкемлестирди.
Онда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист, «Ниҳол» сыйлығының лауреаты М.Өтемуратов, қарақалпақ эстрадасы жулдызларынан Б.Разымбетов, Б.Пердебаев, С.Қаллыбеков ҳәм басқа да жас үмитли қосықшылар қатнасты. Олар бундай саўаплы исте қатнасып атырғанлығынан қуўанышта екенлигин билдирип, атқарған қосықлары менен жыйналғанларға жоқары кейпият бағышлады.
«Жақсылық қыл да, умыт» дегенлериндей, биз бундай илажлар көлемин еле де кеңейтиўди мақсет етип қойғанбыз. Себеби, «Саўап исти ҳәрким ҳәр күни ислеўи керек».
Гөззал Жалгасова,
Санаат технологиясы факультети студенти.
