Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың басшылығында 2019-жыл 19-март күни жасларға итибарды қүшейтиў, жас әўладты мәденият, көркем-өнер, дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен шуғылланыўға тартыў, олардан информациялық технологиялардан дурыс пайдаланыў көнликпесин пайда етиў, жаслар арасында китапқумарлықты ен жайдырыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алға сүрген бес әҳмийетли басламаның биринши бағдары бойынша Экономика факультетиниң студент-жаслары арасында «Ең жақсы сүўретлеў өнери» бойынша таңлаў өткерилди. Таңлаў нәтийжелери төмендегише:
1-орын «Туризм» тәлим бағдарының 1-курс студенти Дарябаева Нуржамал
2-орын «Туризм» тәлим бағдарының 1-курс студенти Көмекбаева Зайтуна
3-орын «Туризм» тәлим бағдарының 2-курс студенти Низаматдинов Алишер
Таңлаў қатнасыўшылары саўғалар ҳам дипломлар менен сыйлықланды.
Қ.Нурманов,
Факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.
