Жоқары оқыў орынлары студент-жаслары арасында өткерилетуғын «Универсиада» спорт ойынларының волейбол спортынан қызлар арасында финаллық басқышы усы жылдың 1-4-март күнлери аралығында пайтахтымызда болып өтеди.
Аймақлық беллесиўлерде жеңимпазлықты қолға киргизген Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Наманган, Жиззах, Самарқанд ўәлаятлары сайланды командалары өз-ара беллеседи.
Усы жылдың 1-март күни ўәлаятлардан келген команда ағзалары Нөкис қаласына жетип келди ҳәм мийманлар Бердақ атындағы ҚМУда мүнәсип күтип алынды.
Өткен күни спорт жарысының рәсмий ашылыў мәресими болып өтип, онда Қрақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министри Ғ.Байныязов, ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов, НМПИ ректоры Б.Утемуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жылларда мәмлекетимизде денетәрбиясы ҳәм спортты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў, спорттың ҳәр қыйлы түрлерин ғалаба ен жайдырыў, спорт пенен шуғылланыў ушын қолайлы шараятлар ҳәм инфраструктураны жаратыўға қаратылған комплексли илажлардың әмелге асырылып атырғанлығын келтирип өтти.
Беллесиўлер даўам етпекте…
ҚМУ Баспасөз хызмети.
