Хабарыңыз бар, «Универсиада-2020» спорт ойынларының волейбол спорт түри бойынша қызлар арасындағы жарыслардың финаллық басқышы университетимизде болып өтпекте.
Бүгинги жарыс жуўмақлары да кескин беллесиўлерге бай өтти. Дәслеп өз-ара беллескен Жиззах ҳәм Самарқанд ўәлаятлары командалары 3:0 есабында жиззахлы волейболшы қызлардың қолы бәлент келген болса, ал, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Наманган ўәлаятлары командалары арасында жерлеслеримиз ҳеш қандай қыйыншылықларсыз 3:0 есабында жеңип шықты.
Жарыс даўам етпекте…
ҚМУ Баспасөз хызмети.
