Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 20-апрельдеги “Жоқары билимлендириў системасын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-2909-санлы, 2017-жыл 27-июльдағы “Жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаў сапасын арттырыўда экономика тараўлары ҳәм тармақларының қатнасыўын және де кеңейтириў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4391-санлы қарарлары ҳәм де 2019-жыл 8-октябрьдеги “Ѳзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы ПП-5847-санлы Пәрманында бир қатар ўазыйпа ҳәм тапсырмаларды әмелге арттырыў белгилеп берилген.
Президентимиз тәрепинен белгиленген ўазыйпаларды орынлаў ҳәм де билимлендириўди тиккелей ѳндирис пенен байланыстырыў мақсетинде университетимиздиң “Архитектура” бағдарының 3-курс 3в-топар студентлерин “Қала қурылысы ҳәм хожалығы” кафедрасы баслығы А.Ильясов “Евробетон” ЖШЖ кәрханасы тәрепинен ислеп шығарылып атырған темир бетон буйымлары менен студентлерди қурылыс материаллары ҳәм буйымларын қуйыў, қәлиплеў ҳәм ислеп шығарыў менен таныстырды.
Қ.Ембергенов,
“Қала қурылысы ҳәм хожалығы” кафедрасы оқытыўшысы.
