#Хош_хабар  БАЙРАМДАҒЫ ҚОС ҚУЎАНЫШ

Мәмлекетимизде ҳәр жылы 8-март – «Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы қарсаңында ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, өзиниң таланты ҳәм белсендилиги менен жасларға өрнек болып киятырған қызларды хошаметлеў мақсетинде Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлығы берилип келмекте.

Быйылғы бул сыйлыққа ерискенлер қатарында 2 қыздың университетимизден екенлиги бул университет жәмәәтин шексиз қуўанышқа бөледи.

Яғный, сыйлыққа ерискен қарақалпақстанлы қызлар ишинде – ҚМУ лингвистика: инглис тили қәнигелигиниң 1-курс магистранты Назокат Ибрагимова болса, ал, хорезмли қызлар ишинде бул сыйлыққа ерискен Назокат Шарипбаева университетимиздиң өзбек филологиясы факультетиниң 3-курс студенти есапланады.

Әлбетте, бул сыйлыққа ерискенлер қатарында 2 қыздың университетимизден екенлиги бул байрамдағы қос қуўаныш болды.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер